Экономикада жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеў ҳәм xalıqtıń абаданлығын арттырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 21-июль күни аймақлар ҳәм тармақларда өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша усы жылдың биринши ярымында ерисилген нәтийжелер ҳәм жылдың ақырына шекем әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Жыл басынан елимиздиң экономикасы 8,5 процентке өсти. Санаатта 8 процент, хызметлерде 16,9 процент, қурылыста 13,8 процент, аўыл хожалығында 4,7 процент өсиў тәмийинленди. Инвестициялардың көлеми 28 миллиард долларға, экспорт 14,4 миллиард долларға жетти. “Fitch” ҳәм “Moody’s” халықаралық рейтинг агентликлери елимиздиң суверен кредит рейтингин бир текше жақсылады.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы 40 миллионлық халықтың турмысын жақсылаў ушын 9-10 процентлик экономикалық өсиў зәрүр екенлигин атап өтти. Оның ушын аймақ ҳәм тармақ басшылары бар имканиятларды толық иске қосыўы, ҳәр бир жойбар ҳәм ҳәр бир кәрхана бойынша анық нәтийжеге ислеўи керек екенлиги көрсетип өтилди.


Мәжилисте аймақ ҳәм тармақ басшыларының алты айлық режелериниң орынланыўы сын көзқарастан талланды. Айырым аймақларда жалпы аймақлық өним, қурылыс, инвестиция, санаат ҳәм экспорт көрсеткишлери бойынша резервлер толық жумсалмағаны атап өтилди. Айлық, шереклик ҳәм жыллық режелерди орынламаған басшыларға жуўапкершилик күшейтилетуғыны белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир министр ҳәм ҳәкимниң жумысы адамлардың жасаў мәдениятында сезилмесе, исбилерменлердиң аўырын жеңил етпесе, ҳәр қандай нәтийже тек ғана “қағаздағы сан” болып қалатуғынын атап өтти. Сонлықтан, орынларда инфраструктура, бәнтлик, исбилерменлик ҳәм халықтың дәраматын арттырыў бойынша жумыслар пүткиллей жаңа қатнас тийкарында шөлкемлестириледи.
Мәжилисте “мәҳәлле жетилиги” жумысын жаңаша шөлкемлестириў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда “Әҳмийетли 40 күнлик” жәрияланып, 2 мың ең аўыр мәҳәлледе жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў басланды. Ҳәкимлер усы мәҳәллелерде электр, газ, жол ҳәм суў мәселелерин өз ўақтында шешиўге жеке жуўапкер болады.


Бәнтлик системасы мүтәж халықты оқытыў, жумысқа жайластырыў ҳәм дәраматын арттырыў бойынша аймақпа-аймақ ислейди. Банклер ҳәм мәҳәлле ассоциацияларының жумысы да қайта көрип шығылып, кейинги үш ай олар ушын әмелий аттестация дәўири болатуғыны белгиленди. Мәҳәллелерде абатлық, тазалық ҳәм жасаў мәдениятын арттырыў бойынша да анық ўазыйпалар қойылды.
Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм бизнес орталығын жақсылаў мәселелери де додаланды. Ҳәзир 51 министрлик ҳәм уйымда 322 бағдарда финанслық жәрийма қолланыў ўәкиллиги бар екенлиги, 2024-2026-жылларда дерлик 3 триллион сумлық жәрийма қолланылғаны атап өтилди. Президентимиз қадағалаўшы уйымлар исбилерменге дәслеп имканият бериўи ҳәм дурыс жол көрсетиўди үйрениўи керек екенлигин атап өтти.
Сыртқы базарларда бәсеки күшейип баратырған бир ўақытта экспортёрлар ушын төлем, жыйым ҳәм артықша қәрежетлерди азайтыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Барлық министрликлер ҳәм уйымларға системадағы бюрократия, жәрийма, төлем ҳәм жыйымларды қысқартыў, бизнес орталығын және де жақсылаў бойынша усыныслар киргизиў тапсырылды.


Санаат ҳәм экспорт көрсеткишлери де сын көзқарастан көрип шығылды. Айырым район ҳәм қалаларда санааттың өсиў пәти төменлегени, экспорт бойынша күтилген өзгерис болмағаны атап өтилди. Бас министрге нәтийже көрсетпеген ҳәкимлердиң жумысын көрип шығыў, тоғыз айдың жуўмағына шекем өзгерис болмаса, жуўапкер басшыларға қатаң шара көриў тапсырылды.
Стратегиялық кәрханалардың қәрежетлерин таллаўда айырым ири кәрханаларда өнимниң өзине түсер баҳасының артқаны көрсетип өтилди. Сондай-ақ, энергетика тармақларында шығынлардың жоқарылығы, электр энергиясы ҳәм газ бөлистириўде нәтийжелиликти арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ири компаниялардың базар баҳасын арттырыў, IPO процесслерине таярлаў ҳәм сырт ел инвесторлары ушын тартымлылығын күшейтиў ўазыйпасы қойылды.
Салық түсимлери жыл басынан 27 процентке көбейип, 130 триллион сумнан артқан болса да, қосымша түсим бойынша жыллық реже жетерли дәрежеде орынланбай атырғаны сынға алынды.


Өндиристи тиклеў ҳәм меншиклестириў бойынша да әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди. Ҳәзир айырым тоқымашылық кәрханалары ислемей турғаны ақыбетинде 5 триллион сумлық өним ҳәм 400 миллион долларлық экспорт имканияты қолдан берилип атырғаны айтылды. Жыл басынан берли 57 тармақ ҳәм 76 аймақлық кәрхана өндиристи 11 триллион сумға азайтқаны да сынға алынды.
Жуўапкерлерге ислемей турған кәрханаларды бирме-бир таллап, олардың жумысын тиклеў тапсырылды. Сондай-ақ, жаңа меншиклестириў бағдарламасы шеңберинде 100 триллион сумлық көшпес мүлк, жер майданлары ҳәм мәмлекетлик үлеслерди саўдаға шығарыў, мәмлекетлик активлерди алған исбилерменлер ушын төлем шәртлерин жеңиллетиў белгиленди.
Соңғы үш жылда 11 миллиард долларлық 509 экспортқа жарамлы қуўатлық иске қосылған болса да, олардың 208 и еле экспортқа шықпаған. Егер бул кәрханалар өниминиң кеминде 30-40 проценти сыртқы базарларға бағдарланса, қосымша 1,5-2 миллиард доллар валюта түсими тәмийинлениўи мүмкин.

47 арнаўлы экономикалық зонаның 29 ында жыл басынан берли улыўма экспорт болмағаны да сынға алынды. Жуўапкерлерге “оператив бригадалар” шөлкемлестирип, экспортқа шықпаған кәрханалар ҳәм арнаўлы экономикалық зоналарда сертификат, айланыс қаржы, базар ҳәм логистикаға байланыслы мәселелерди жедел шешиў тапсырылды.
Миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў бойынша да ўазыйпалар белгиленди. Соңғы еки жылда бул бағдарда 15,5 миллиард сумлық финанслық жәрдем көрсетилген. Бирақ өз брендин дизимнен өткерген жергиликли кәрханалардың үштен бири еле экспортқа шықпаған. Сол себепли, жергиликли брендлерди сыртқы базарларға алып шығыў ҳәм оларды демпинг және контрафакт өнимлерден қорғаў бойынша бағдарлама ислеп шығылады.
Сыртқы саўда жүклериниң 70 проценти темир жол арқалы тасылатуғыны, бирақ бул бағдарда исбилерменлерден наразылықлар көп екенлиги атап өтилди. Жүк вагонларының жетиспеўшилиги, айырым темир жол линияларында жүклеме жоқарылығы себепли логистикада қыйыншылықлар жүзеге келмекте. Жуўапкерлерге қосымша вагонларды тартыў, темир жол инфраструктурасы ушын Жәҳән банкинен 200 миллион доллар қаржы тартыў бойынша келисимге ерисиў тапсырылды.
Жоқары дәрежедеги сапарлар шеңберинде ерисилген келисимлердиң орынланыўы да көрип шығылды. Соңғы жылларда 52 сапар даўамында 213 миллиард долларлық 1 мың 617 инвестициялық жойбар бойынша келисимлерге ерисилген. Енди бул “жол карталары”ның орынланыўы Есап палатасы ҳәм Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен қатаң қадағалаўға алынады.
Бас министрге ҳәр ҳәптеде тармақ басшылары, ҳәкимлер ҳәм елшилер менен бирге жойбарлардың орынланыўын мәмлекетлер кесиминде додалаў тапсырылды. Президент Администрациясының алдына экономикалық дипломатия, инвестиция ҳәм экспорт бойынша дипломатиялық ўәкилханалардың жумысын қайта көрип шығыў, өз ўазыйпасын орынлай алмай атырған басшылардың орнына жас ҳәм заманагөй пикирлейтуғын кадрларды усыныс етиў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте инфляцияны тоқтатыўт ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери де додаланды. Ўәлаят ҳәкимлери январь-июнь айларында инфляцияны 3 проценттен арттырмаўды мақсет еткен болса да, айырым аймақларда бул ўазыйпа орынланбағаны атап өтилди. Гөштиң баҳасы артқаны мүнәсибети менен импорт гөшти самолётта тасыў қәрежетлерин қаплаў ушын 300 миллиард сум ажыратылғаны айтылды.
Аўыл хожалығын дизимге алыў нәтийжелери шарўашылықтағы ҳақыйқый жағдайды көрсетип бергени атап өтилди. Шарўашылық жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын қосымша қаржылар қаратылады, жылдың ақырына шекем шеттен 100 мың бас қарамал ҳәм 150 мың бас қой-ешки алып келиў ўазыйпасы қойылды.
Мийўе-овощ ҳәм картошка резервин қәлиплестириў, суўытқышлы қоймаханалар қурыў ҳәм азық-аўқат қорларын толықтырыў бойынша да анық илажлар белгиленди. Жылдың ақырына шекем 87 мың тонна қуўатлылыққа ийе 340 суўытқышлы қоймахананы иске қосыў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы глобаллық экономикадағы анықсызлықлар қанша даўам ететуғынын ҳеш ким алдыннан айта алмайтуғынын атап өтти. Тийкарғы бирге ислесиўши мәмлекетлерде экономикалық жеделликтиң төменлеп атырғаны жергиликли кәрханаларымызға, әсиресе, экспортшыларға тәсир көрсетиўи мүмкин.
Сол себепли барлық басшылар ҳәр қандай қәўипти есапқа алған ҳалда өз резервлерин жумсаўға таяр болыўы шәрт екенлиги атап өтилди. Тармақ ҳәм аймақларға бириктирилген “ақыл орайлары” менен бирге 15-августқа шекем илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығылады.
Бул усыныслар “ресурс – инфраструктура – жойбар – өндирис – бюджетке түсим – экспорт” шынжырын өз-ара байланыслы ҳалда раўажландырыўға қаратылған болады. 2027-жыл ушын макроэкономикалық параметрлер, бюджет, инвестиция ҳәм экспорт бағдарламалары жаңаша қатнас – “молизация сценарийи” тийкарында таярланады.
Мәжилисте министрлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлердиң есабатлары, белгиленген тапсырмалардың орынланыўын орынларда шөлкемлестириў бойынша режелери тыңланды.
ӨзА