Қарыздар кредит қарызы себепли ҳәкимшилик имаратынан айырылды

Пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының усы жыл 16-февральдағы қарары менен қарыздар “GLASS TOWER” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен өндириўши акционерлик-коммерциялық “Микрокредитбанк”тиң пайдасына 2 миллиард 197 миллион сумнан аслам кредит қарыздарлығын өндириў белгиленген.
Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы Айрықша әҳмийетке ийе илажларды орынлаў бөлими тәрепинен қарыздар “Amudaryotex” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине орынлаў ҳүжжетиниң талабын орынлаў ушын 15 күнлик ықтыярый мүддет берилди. Усы мүддет ишинде кредитти өз ўақтында қайтармаған. Нәтийжеде орынлаў ҳүжжети талабы орынланбағанлығы себепли қарыздарға тийисли баҳасы 625 миллион сумлық ҳәкимшилик имарат хатлаўға алынып, сатыўға шығарылған.
Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен усындай банклердиң пайдасына кредит қарыздарлықларын өндириўге байланыслы суд қарарларының орынланыўы тәмийинленбекте. Атап айтқанда, усы жылы Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен суд қарарларына тийкарланып, коммерциялық банклердиң пайдасына кредит қарыздарлықларын өндириўге байланыслы жәми 513 миллиард 586 миллион сумлық 26 мың 68 орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўы тәмийинленген болып, әмелде 208 миллиард 101 миллион сум өндирилди.
Сондай-ақ, қарыздарларға тийисли болған, жәми 317 миллиард 119 миллион сумлық 819 көшпес мүлк, аўыл хожалығы техникалары, автотранспорт қураллары ҳәм басқа да мүлклер тийисли тәртипте хатлаўға алынып, 185 миллиард 996 миллион сумлық 627 мүлк электрон онлайн-аукцион саўдаларына сатыў ушын шығарылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги