Глобаллық жағдай өзгерип атырған ҳәзирги шараятта ҳәр бир басшы қосымша сценарийлер менен ислесиўи шәрт

Президентимиздиң басшылығында усы жылдың биринши ярымында ерисилген нәтийжелер ҳәм жылдың ақырына шекем исленетуғын жумысларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды.
Мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлейтуғын басшылар тек ғана есап бериў менен шекленбестен, қандай жаңа резервлер табылғаны, оларды иске қосыў бойынша қандай система шөлкемлестирилип атырғаны ҳәм жылдың ақырына шекем қандай нәтийжеге ерисилетуғынын анық түсиндирип бериўи зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, глобаллық жағдай өзгерип атырған ҳәзирги шараятта ҳәр бир басшы қосымша сценарийлер менен ислесиўи шәрт екенлиги көрсетип өтилди.
Жыл басынан елимиздиң экономикасы 8,5 процентке өсти. Санаатта 8 процент, хызметлерде 16,9 процент, қурылыста 13,8 процент, аўыл хожалығында 4,7 процент өсиў тәмийинленди.
Инвестициялардың көлеми 28 миллиард долларға, експорт 14,4 миллиард долларға жетти. Абырайлы “Fitch” ҳәм “Moody’s” халықаралық рейтинг агентликлери мәмлекетимиздиң суверен кредит рейтингин бир текше жақсылады.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы 40 миллионлық халықтың турмысын жақсылаў ушын 9-10 процентлик экономикалық өсиў зәрүр екенлигин атап өтти.
ӨзА