Өзбекстан Президенти Беларусь делегациясын қабыллады

194

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-июль күни Беларусь Республикасы Бас министриниң орынбасары Виктор Каранкевич басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Беларусь Президенти Александр Лукашенконың қызғын сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен Беларусь арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз жетекшисиниң усы жыл 8-9-июль күнлери Минск қаласына әмелге асырған рәсмий сапары, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўда үлкен нәтийжелер бергени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыўдың көлемин 2 миллиард долларға жеткериў ҳәм экономиканың тийкарғы тармақларында кооперациялық жойбарларды алға қойыў мақсетинде қабыл етилген илажлар режесин өз ўақтында әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Елимизде биринши атом электр станциясы ҳәм түрлес инфраструктураны қурыўда Беларусь тәжирийбесинен пайдаланыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Болажақ атом электр станциясын жойбарластырыў, қурыў ҳәм эксплуатациялаў процесслерин экспертлик жақтан қоллап-қуўатлаў, тараў ушын миллий кадрларды таярлаў және тийисли жоқары билимлендириў мәкемелери арасында биргеликтеги бағдарламаларды жолға қойыў солардың қатарына киреди.

ӨзА