Әзербайжан менен әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди

186

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен елимизге келген Әзербайжан Республикасының экономика министри Микойил Жабборовты қабыллады.

Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң қызғын сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўда және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Өткен жылы товар алмасыў көлеми 15 процентке артты, усы жылдың өткен дәўиринде болса өсиў дерлик 40 процентти қурады.

Қурылыс, энергетика, геология, логистика, қаржы, жанылғы, тоқымашылық, туризм ҳәм басқа да тармақларда, соның ишинде, биргеликтеги  Инвестициялық компанияның қатнасыўында кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың экономикалық күн тәртибин пуқта таярлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы мәниде, болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси мәжилислериниң жуўмақлары жоқары баҳаланды. Сондай-ақ, еки мәмлекет аймақлары форумының нәтийжели өтиўин тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА