Мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы тийкарғы жойбарлар  таныстырылды

183

Президент Шавкат Мирзиёев 17-июль күни мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў, миллий мийрасымызды қәстерлеп сақлаў және халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған жойбар ҳәм илажлардың презентациясы менен танысты.

Дәслеп абырайлы сырт ел музейи ҳәм көргизбе майданларында Өзбекстанның археологиялық ҳәм илимий мийрасын, сондай-ақ, әмелий көркем өнер шығармаларын көрсетиў бойынша режелер көрип шығылды.

Атап айтқанда, 2026-жыл сентябрь айында Дохадағы Ислам көркем өнери музейинде “Uzbekistan: Heritage in Motion” көргизбесин, ноябрь айында болса Миландағы Прада фондында Өзбекстанның сийрек ушырасатуғын экспонатларының қатнасыўында “Global Antiquity” халықаралық археология көргизбесин шөлкемлестириў режелестирилген. 2027-жылы Венециядағы Палаццо Гримани ҳәм Японияның Нара миллий музейинде елимиздиң қола дәўиринен ерте орта әсирлерге шекемги тарийхын сәўлелендириўши 200 ден аслам археологиялық табылмалар көрсетиледи. Миландағы Палаццо Реаледе алтын кестешилик, сузана, икат, зергерлик буйымлары ҳәм әмелий көркем өнер дөретпелеринен ибарат 150 ден аслам экспонат усыныс етиледи.

Флоренцияда Әбиў Әлий ибн Синаның өмири ҳәм илимий мийрасына бағышланған көргизбе өткериў, сондай-ақ, Япония, Уллы Британия, Қытай, Саудия Арабстаны ҳәм басқа да мәмлекетлердеги жетекши мәдений мәкемелер менен биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў режелери билдирилди.

Мәдений мийрас объектлерин реставрациялаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Романовлар сарайында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейиниң филиалын шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Онда комплекстиң тарийхый көриниси сақлап қалынып, 300 ге шамалас экспонаттан ибарат турақлы экспозиция қәлиплестириледи.

Мухтар Ашрафий үй-музейинде имараттың фасады ҳәм тарийхый интерьерлери реставрацияланып, экспозиция жаңаланбақта. Музей заманагөй инженерлик системалары, қәўипсизлик ҳәм климат қадағалаўы қураллары, мультимедиа үскенелери, сондай-ақ, сес жазыў студиясы менен тәмийинленеди.

Презентацияда “Тамерлано” операсын дүньяның абырайлы сахналарында көрсетиў нәтийжелери ҳәм келешектеги режелер көрип шығылды.

Усы жылы бул шығарма Дубай операсы, Венадағы “Музикферайн”, Санкт-Петербургтағы Мариинский театры ҳәм Версаль сарайы Патшалық операсы сахналарында қойып берилди. Стефано Пода сахналастырған операда Георг Фридрих Гендель музыкасы Кирилл Рихтер талқылаўында, өзбек миллий саз әсбапларынан пайдаланған ҳалда атқарылды. Жойбарда Өзбекстан Миллий симфониялық оркестри, хор, халық сазлары оркестри ҳәм белгили солистлер қатнасты.

2027-жыл март айында “Тамерлано” операсын Нью-Йорктағы белгили “Карнеги-холл” концерт залы сахнасында қойыў режелестирилген. Бул өзбек опера көркем өнери ҳәм миллий атқарыўшылық мектебиниң жоқары потенциалын сырт ел аудиториясына кеңнен көрсетиў имканиятын береди.

Ири концертлер, фестивальлар, таңлаў ҳәм көргизбелерди шөлкемлестириўдиң бирден-бир системасын қәлиплестириў мәселеси де көрип шығылды. Мәденият министрлиги жанындағы “Халықаралық фестивальлар дирекциясы” мәмлекетлик мәкемеси негизинде Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры жанында Мәдений жойбарлар миллий операторын шөлкемлестириў усыныс етилди.

Миллий оператор ири халықаралық илажларды шөлкемлестириў ҳәм оларды сырт елде үгит-нәсиятлаў, белгили атқарыўшылар қатнасыўындағы концертлерге буйыртпашы сыпатында жумыс алып барыў, сондай-ақ, “Шарқ тароналари” халықаралық музыка фестивалын таярлаў ушын жуўапкер болады.

Усы жылдыӊ 8-июнь күни Самарқандтағы Регистан майданында белгили қосықшы Жон Лежендтиң концерти өткерилди. Август айында Пекиндеги Уллы Қытай дийўалында, сентябрь айында болса Регистон майданында белгили пианиношы Ланг Лангтың концертлерин өткериў режелестирилген. Октябрь айында Ташкенттеги “Өзбекстан” халықаралық әнжуманлар сарайында композитор Макс Рихтердиң концерти болып өтеди.

Усы жылы Венеция ҳәм Милан қалаларында өткерилип атырған ири халықаралық мәдений илажларда Өзбекстанның қатнасыў нәтийжелери де таныстырылды.

Венециядағы 61-Халықаралық көркем өнер биенналесинде Өзбекстан “The Aural Sea” жойбары менен миллий павильонда қатнаспақта. Жойбар Арал теңизи ҳәм Қарақалпақстан темасын естелик, әпсана ҳәм гүрриңлер арқалы ашып береди. Павильонға ҳәзирги ўақытқа шекем 60 мыңнан аслам адам келген. Жойбарға бағышланған материаллардың улыўма медиа қамтып алыўы 145 миллионнан асқан.

Биеннале шеңберинде Палаццо Кавалли-Франкеттиде өзбекстанлы художник Вячеслав Ахуновтың “Instruments of the Mind” жеке көргизбеси де шөлкемлестирилди. Онда художниктиң 1970-жыллардан бүгинги күнге шекем дөретилген 200 ден аслам шығармасы көрсетилмекте. Көргизбеге 30 дан аслам мәмлекеттен 12 мыңнан аслам адам келген.

“Milan Design Week 2026” шеңберинде шөлкемлестирилген “Ерик гүллегенде” миллий павильонында 12 халықаралық дизайнер ҳәм Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстаннан 12 өнерменттиң биргеликтеги жумыслары көрсетилди. Өзбекстан павильоны “Fuorisalone Award 2026” сыйлығы төрешилер қурамы тәрепинен айрықша итибарға ийе болды. Оны 18 мыңнан аслам адам көрди, жойбардың халықаралық мәлимлеме қамтып алыўы 171 миллионға жетти.

Сондай-ақ, Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының 2026-2027-жылларға мөлшерленген илаж ҳәм жойбарлары додаланды.

11-13-сентябрь күнлери Нөкис қаласында Арал мәденияты саммити өткериледи. Мәденият, илим, архитектура, дизайн ҳәм экология тараўларының ўәкиллери Аралбойын турақлы раўажландырыў мәселелерин додалайды. 2027-жыл январь айында “Aral School” халықаралық бағдарламасының Арал теңизи бассейни климаты ҳәм ландшафтына бағышланған жаңа мәўсими басланады.

Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театры репертуарын жаңалаў шеңберинде Жакомо Пуччинидиң “Турандот” операсы ҳәм Петр Чайковскийдиң “Шелкунчик” балетин жаңаша талқында сахналастырыў режелери көрип шығылды. Жойбарларды әмелге асырыўға жетекши жергиликли ҳәм сырт ел режиссёрлары, дирижёрлар, хореографлар ҳәм сахналастырыў бойынша қәнигелерди тартыў режелестирилген.

2027-жылғы Бухара бийенналеси шеңберинде мәдений мийрас объектлерин реставрациялаў, тарийхый аймақлар ҳәм жәмийетлик орынларды абаданластырыў, сондай-ақ, көргизбе майданларын таярлаў режелестирилген. Биенналеға 50 ден аслам сырт ел художниги ҳәм дизайнери және мәмлекетимиз креатив индустрияларының 300 ден аслам ўәкили тартылады.

Буннан тысқары, “Milan Design Week” ҳәм “Art Basel”  илажларында қатнасыў, “Art for Tomorrow” халықаралық конференциясын өткериў, Қатар музейлери менен өнерментшилик ҳәм дизайн тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, Бухарада көркем резиденция ҳәм халықаралық зергерлик мектебин шөлкемлестириў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды пуқта таярлаў, реставрация жумысларының сапасын қатаң қадағалаў, миллий мазмунды заманагөй көзқараслар менен үйлестириў және халықаралық мәдений бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжелилигин арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА