Қоңыраттағы инвестициялық жойбарлардың жағдайы үйренилди

ӨзЛиДеПтиң “Депутат – инвесторға мәдеткер” жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты К.Ешбаев тәрепинен Қоңырат районында 2026-жылы әмелге асырылыўы режелестирилген инвестициялық жойбарлар үйренилди.
Депутатлық жумысы шеңберинде аймақларда инвестициялық орталықты жақсылаў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған жойбарлардың әмелий жағдайын үйрениўге айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Гезектеги үйрениў процесинде Қоңырат районында Аймақлық инвестиция бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылыўы белгиленген жаңа инвестициялық жойбарлар менен танысты. Жойбар интакерлери ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерилип, оларды әмелге асырыў процесслери, бар имканиятлар ҳәм жүзеге келип атырған мәселелер додаланды.
Үйрениўлер нәтийжесине бола, 2026-жылы Қоңырат районында улыўма баҳасы 6 миллиард 373 миллион сум болған 7 жаңа инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген.

Бул жойбарлар тийкарынан хызмет көрсетиў ҳәм санаат тараўларын қамтып алған болып, заманагөй саўда ҳәм кеўилашар орай, мийманхана комплекси, автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў орайы, халыққа хызмет көрсетиў объектлери, улыўма аўқатланыў шақапшалары ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў бағдарларын өз ишине алады.
Депутат тәрепинен үйрениў даўамында ҳәр бир жойбардың әмелге асырылыў басқышлары, қаржыландырыў дәреклери, иске түсириў мүддетлери, инженерлик-коммуникация тармақлары менен тәмийинленгенлик жағдайы ҳәм исбилерменлер тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм мүрәжатлар ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Сөйлесиўлер процесинде инвесторларға жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, жойбарларды белгиленген мүддетлерде әмелге асырыў ҳәм бар мәселелерди шешиў бойынша тийисли усыныслар берилди.
“Депутат – инвесторға мәдеткер” жойбары депутатлардың исбилерменлер менен тығыз қарым-қатнасын тәмийинлеў, аймақлардағы инвестициялық процесслерди үйрениў, бар машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыўға жәрдемлесиўде үлкен әҳмиетке ийе екенин атап өтиў керек.

Үйренилген жойбарлардың толық әмелге асырылыўы нәтийжесинде Қоңырат районында 76 жаңа жумыс орны жаратылыўы нәзерде тутылған. Бул болса халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, хызметлер көлемин кеңейтиў ҳәм аймақтың экономикалық потенциалын арттырыўға хызмет етеди.
Депутатлық үйрениўлер арқалы аймақларда әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў, исбилерменлер менен турақлы қарым-қатнасты жолға қойыў ҳәм экономикалық раўажланыўға қаратылған басламаларды қоллап-қуўатлаў жумыслары избе-из даўам еттирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги