Өзбекстан – Қатар: Экономикалық дипломатияның жаңа жетискенлиги

30

Өзбекстан ҳәм Қатар қатнасығы бүгинги күнде тек ғана еки тәреплеме бирге ислесиў емес, ал Орайлық Азия ҳәм Персия қолтығы арасындағы жаңа геоэкономикалық байланыслылық модели сыпатында айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қатарға сапары мине, усы процесстиң гезектеги әҳмийетли басқышы болып есапланады. Бул ўақыя еки елдиң жоқары дәрежедеги сөйлесиўи избе-из даўам етип атырғаны, Ташкент ҳәм Доха арасындағы сиясий исеним жаңа әмелий мазмун менен байып атырғанының дәлийли болып есапланады.

ӨзАның хабаршысы Персия қолтығындағы бул мәмлекет пенен қатнасық перспективасы ҳаққында Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети жанындағы Шығыс еллери раўажланыўын изертлеў илимий таллаў орайының директоры Адҳамжон Мамажонов пенен сәўбетлести.

– Өзбекстан ҳәм Қатар қатнасығының бүгинги жағдайына қандай баҳа бересиз?

– Бул еки мәмлекет қатнасықларында сиясий сөйлесиў соңғы жылларда избе-из жеделлести. Әсиресе, 2023-жыл 2-октябрь күни Доха қаласындағы “Amiri Diwan” комплексинде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қатар Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний арасында сөйлесиў өткерилгени тарийхый ўақыя болды. Ушырасыўда сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў мәселелери додаланды.

Мине усы ўақыя ҳәр еки тәреп өз-ара байланысты және де жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик басқышына алып шығыў тәрепдары екенин көрсетти. 2023-жыл июнь айында Қатар Әмириниң Самарқандқа тарийхый сапары еки тәреплеме қатнасықта және бир жаңа бет ашты. Бул процессте дипломатиялық инфраструктураның күшейтилиўи де айрықша әҳмийетке ийе. Доха қаласында Өзбекстан елшиханасының ашылғаны белсендиликти арттырыў, инвестициялық жойбарларды муўапықластырыў, бизнес байланысларын кеңейтиў ҳәм мәдений-гуманитарлық басламаларды қоллап-қуўатлаў ушын әҳмийетли институционаллық тийкар болды.

2025-жыл 4-ноябрь күни Доха қаласында Өзбекстан Президенти ҳәм Қатар Әмири арасында және бир ушырасыў болып өтип, стратегиялық шерикликти тереңлестириў, көп қырлы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў темалары көтерилди.

Демек, бул ретки сапардың тийкарғы сиясий мазмуны – бар исенимди және де тереңлестириў, алдынғы келисимлердиң орынланыўын көрип шығыў, әмелий жойбарларды жеделлестириў ҳәм Өзбекстан – Қатар стратегиялық шериклигин узақ мүддетли институционаллық механизм менен беккемлеўден ибарат.

– Қатар инвестициясы Өзбекстан экономикасына қандай үлес қоспақта? Глобаллық энергетика ҳәм инвестициялық дипломатия ҳаққында да айтып берсеңиз.

– Қатар Өзбекстан ушын әпиўайы бирге ислесиўши емес, ал энергетика, суверен инвестиция, халықаралық қаржы, дәлдалшылық дипломатиясы, жоқары сапалы инфраструктура ҳәм глобаллық хызмет экономикасы бойынша үлкен тәжирийбеге ийе мәмлекет. Сол себепли Доха менен бирге ислесиў Өзбекстанның сыртқы экономикалық сиясатында айрықша стратегиялық әҳмийетке ийе.

Өз раўажланыўын “Qatar National Vision-2030”  бағдарламасы тийкарында алып барып атырған Қатар Ҳүкимети коммуникациялар мәкемесиниң мағлыўматына бола, 2008-жыл басланған бул стратегиялық көзқарас мәмлекетти билимге тийкарланған, турақлы ҳәм абадан жәмийетке айландырыў мақсетин гөзлейди. Бағдарлама инсан раўажланыўы, социаллық, экономикалық ҳәм экологиялық раўажланыў сыяқлы төрт бағдарға сүйенеди.

Бул қатнас “Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы” менен белгили дәрежеде үнлес. Ҳәр еки мәмлекетте инсан капиталын раўажландырыў, экономиканы диверсификациялаў, инвестициялық орталықты жақсылаў, заманагөй инфраструктура жаратыў ҳәм турақлы раўажланыўға ерисиў тийкарғы мақсет сыпатында қабыл етилген.

Қатар глобаллық энергетика базарында да әҳмийетли орынға ийе. Рәсмий дереклерде атап өтилиўинше, “North Field Expansion” жойбары шеңберинде мәмлекет LNG ислеп шығарыў қуўатлылығын 2030-жыл 142 миллион тоннаға жеткериўди режелестирген. Ҳәзирги дәрежеден дерлик 85 процент көп бул сан республикамыз ушын еки тәреплеме әҳмийетли. Бириншиден, Қатар энергетика инфраструктурасын ири көлемде басқарыў тәжирийбесине ийе. Екиншиден, Қатар энергетика ҳәм инвестициялық дипломатияны үйлестире алған. Соның ушын елимиз энергетика системасын жетилистириў, электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығын арттырыў, “жасыл” энергетика жойбарларын жолға қойыў ҳәм қуўатлылықты сақлаў системасын жаратыўда Қатардың тәжирийбеси, капиталы шексиз әҳмийетке ийе.

Өзбекстан – Қатар экономикалық бирге ислесиўиниң ең әҳмийетли ҳәм анық нәтийже берип атырған бағдарларынан бири энергетика болып есапланады. Бул тараўда бирге ислесиўши мәмлекетлик кәрханалардың елимиздеги қатнасыўы әллеқашан әмелий басқышқа шыққан. Қатар компаниясының қатнасыўында Сырдәрья ўәлаятында пуў-газ технологиясы тийкарында қуўатлылығы 1,6 ГВт болған заманагөй электр станциясының жойбары ислеп шығылған. Сурхандәрья ўәлаятында ыссылық электр станциясы қурылысына таярлық жуўмақланбақта. Ташкент ўәлаятында қуўатлылығы 600 МВт қуўатлылық сақлаў системасын жаратыў ҳәм Қарақалпақстанда 1 ГВт қуўатлылықтағы самал электр станциясын иске қосыў режеси де көрип шығылған. Бул жойбарлар экономикалық дипломатия ҳақыйқый нәтийжеге айланғанын көрсетеди. Энергетика Өзбекстан экономикасын модернизациялаўдың тийкарғы шәртлеринен бири болып есапланады.

– Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларға да тоқтап өтсениз.

– Өзбекстан ҳәм Қатар саўда байланыслары соңғы жылларда кескин өсип, 2025-жылдың басынан товар алмасыў 45 процентке артты. Биз араб базарына мийўе-овощ, кептирилген мийўе, собықлы, гөш ҳәм қус өнимлери, тоқымашылық, былғары аяқ кийим, фармацевтика, қурылыс ҳәм таяр санаат материалларын жеткерип бериў имканиятына ийемиз. Қатар болса энергетика, инфраструктура, қаржы, мийманхана бизнеси, логистика, санлы хызмет, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында әҳмийетли инвестициялық шеригимиз бола алады.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўде ең әҳмийетли мәселе – азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм ҳадал экспорт шынжырын қәлиплестириў. Қатар азық-аўқат өнимлерин тийкарынан импорт етеди. Өзбекстан болса сапалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў потенциалына ийе.

Егер өнимлеримиз усы араб мәмлекети базарына халықаралық “Ҳадал” стандарты, заманагөй қадақлаў, суўық шынжыр логистика системасы ҳәм турақлы жеткерип бериў механизми тийкарында алып кирилетуғын болса, Доха соңғы базар емес, ал Басқа Персия қолтығы еллерине шығыў ноқатына да айланыўы мүмкин.

– Транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиў бағдарында қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– Теңизге шығыў имканиятына ийе болмаған Өзбекстан халықаралық транспорт коридорларын көбейтиўге айрықша итибар қаратпақта. Қатар менен бирге ислесиў мине усы жерде биз ушын жаңа стратегиялық имканият жаратады. Доха глобаллық авиация, теңиз логистикасы ҳәм транзит хызметинде әҳмийетли орай болып есапланады.

Өзбекстан ушын Қатар арқалы Персия қолтығы, Жақын Шығыс, Африка ҳәм Қубла Азия базарларына шығыў имканияты бар. Онда тек ғана товар тасыў емес, ал экспортты қаржыландырыў, сертификатлаў, логистика қамсызландырыўы, қоймахана хызмети, реэкспорт ҳәм саўда ўәкилханалары үлкен әҳмийетке ийе.

Және бир әҳмийетли бағдар – ислам қаржысы. Бүгинги дүньяда ислам банки хызмети, сукук облигациясы, шәриятқа сәйкес келетуғын инвестиция фонды ҳәм инфраструктураны қаржыландырыў механизми барған сайын кеңеймекте. Қатар бул бағдарда өзине тән тәжирийбеге ийе. Өзбекстан болса қаржы ҳәм капитал базарын раўажландырыў, жеке меншик сектор ушын альтернатив ақша дерегин жаратыў ҳәм халықаралық инвесторлар ушын қолайлы ҳуқықый орталық жаратыў жолынан бармақта. Яғный, Қатар банклери ҳәм қаржы институтлары менен шериклик усы тараўды раўажландырыўға жәрдем береди.

Жуўмақлап айтқанда, еки мәмлекет басшыларының сөйлесиўи мәмлекетлеримиз қатнасықларында жаңа әмелий басқышты баслап, өз-ара сиясий исенимди және де беккемлеп, алдынғы келисимлердиң орынланыўын жеделлестирип, жаңа жойбарларға кеңнен жол ашады.

ӨзАның хабаршысы Гўзал Сатторова сәўбетлести.