Жаслардың жаңа басламалары қоллап-қуўатланбақта

Бозатаў районлық Жаслар орайы имаратында «Басшы ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў өткерилди.
Онда район ҳәкими Б.Уббиниязов, районлық Ишки ислер бөлими баслығы, полковник У.Курбанбаева ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң районлық бөлими баслығы аймақ жаслары менен өз-ара ушырасты.

Ушырасыў даўамында жаслар өзлериниң жетискенликлери, келешектеги мақсетлери ҳәм басламалары ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, спорт тараўын раўажландырыў бойынша өз пикир-усынысларын, мүрәжатларын да билдирди.

Район басшылары тәрепинен жаслардың мүрәжатлары ҳәм усыныслары дыққат пенен тыңланып, оларды унамлы шешиў бойынша тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилди ҳәм жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олар менен турақлы бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өткерилген бул ушырасыў жаслар ҳәм басшылар арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм турмыста ушырасып атырған мәселелерди биргеликте шешиўге хызмет етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги