Жеңимпазлар чемпионлық жүзиклери менен сыйлықланады

38

Халықаралық футбол федерациясы (ФИФА) рәсмий сайтының хабар бериўинше, 2026-жылғы футбол бойынша жәҳән чемпионатында жеңимпаз болған сайланды команда футболшылары ҳәм тренерлер штабы тарийхта биринши мәрте чемпионлық жүзиклерине ийе болады.

Хабарда айтылыўынша жүзиктиң бир тәрепинде Жәҳән чемпионаты кубоги сүўретленеди, ал, екинши тәрепи болса жеңимпаз команданың символларына сәйкеслендирилген ҳалда арнаўлы дизайнда исленеди. Чемпионлық жүзиклери жәми 2026 дана шекленген нусқада ислеп шығарылып, олардың 30 ы тиккелей турнир жеңимпазларына бериледи. Қалған 1996 жүзик болса жарыстың рәсмий лицензияланған өними сыпатында пүткил дүнья жүзи бойлап футбол жанкүйерлери ушын сатыўға шығарылады. Бунда ҳәр бир жүзик өзине тән индивидуал номерге ийе болып, ийесиниң бармағына бейимлестириледи ҳәм арнаўлы ҳақыйқыйлық сертификаты менен бирге жеткерип бериледи. Финал ушырасыўы жуўмақланыўы менен жеңимпаз команда сәрдары ҳәм бас тренерине усы тарийхый ўақыяның естелиги сыпатында символикалық жүзиклер тапсырылады. Соңын ала жеңимпазларға арналған 30 жүзиктиң ҳәр бири кейин ала персоналластырылып, рәсмий түрде өз ийелерине усынылады.

Еслетип өтемиз, ЖЧ-2026 финалында Испания ҳәм Аргентина сайланды командалары өз-ара беллеседи. Нью-Йоркта болып өтетуғын шешиўши ушырасыў 19-июльден 20-июльге өтетуғын түнде, Ташкент ўақты менен саат 00:00 де басланады.

Мағлыўмат орнында, айтатуғын болсақ, Аргентина сайланды командасы үш мәрте жәҳән чемпионы болып есапланады (1978, 1986, 2022). Әмелдеги чемпионлардың және финалға жол алыўы тарийхта алтыншы мәрте болып,  усы ўақытқа шекем тек ғана Италия (1934, 1938) ҳәм Бразилия (1958, 1962) миллий командалары өз титулларын қорғай алған. Испания сайланды командасы болса, өз тарийхында екинши мәрте мундиал финалында қатнасады. Бул сайланды команда 2010-жылы чемпионлықты қолға киргизген еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы