«Мәҳәлле лигасы» жеңимпазлары сыйлықланды

Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде «Мәҳәлле лигасы» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикалық басқышы жуўмақланды.

Бул жарысларды өткериўден мақсет – мәҳәллелерде ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў, пуқаралардың физикалық белсендилигин арттырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм спорт арқалы халықтың арасында дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў болып есапланады.

Мәҳәллелерде жасайтуғын 30 жастан жоқары болған пуқаралар арасында өткерилген усы жарыстың жуўмақлаўшы басқышында қала ҳәм районлардан келген қатнасыўшылар спорттың шахмат, шашка, киши футбол, волейбол, стритбол, воркаут ҳәм стол тенниси түрлери бойынша өз-ара беллесип, спорт шеберлигин, физикалық таярлығын ҳәм жеңиске болған умтылысын көрсетти.

Сыйлықлаў мәресиминде Өзбекстан Мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов ҳәм тийисли шөлкем ўәкиллери қатнасып, ҳәр бир спорт түри бойынша жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине жарыс шөлкемлестириўшилери тәрепинен таярланған дипломлар, баҳалы саўғалар ҳәм кубоклар салтанатлы түрде тапсырылды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги