Кәрханалардың салықтан қарыздарлығы қай дәрежеде?

Салық басқармасының мағлыўматларына қарағанда, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 4038 юридикалық тәрептиң өз ўақтында төленбеген салық қарыздарлығы 333,4 миллиард сумды қурамақта.
Сол себепли аймақта салық хызмети уйымлары, Мәжбүрий орынлаў бюросы, Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкерлери менен биргеликте қарыздар кәрханалардың мүлклерин хатлаў жумыслары алып барылмақта.
Соның ишинде, қарыздар кәрханалардың салық қарызы ушын автотранспорт қураллары хатлаўға алынды. Егер қарыздарлық белгиленген мүддетте төленбесе, бул имарат ҳәм автомашиналар электрон аукцион арқалы сатылып, қарыздарлық мәмлекетлик бюджетке өндириледи.
Жыл басынан берли биргеликте алып барылған жумыслар нәтийжесинде 421 кәрхананың 81,0 миллиард сумлық салық қарыздарлығы есабынан оларға тийисли мүлк хатлаўға алынды. Нәтийжеде кәрханалар тәрепинен 51,1 миллиард сумлық салық қарызы төлеп берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги