Жас өспиримлерге айырым мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлери тастыйықланды

43

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Жас өспиримлерге айырым мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық:

Жас өспирим шахсты толық қарым-қатнасқа уқыплы деп жәриялаў (эмансипация) бойынша мәмлекетлик хызметти көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти;

Оқыўшының турақлы ямаса ўақтынша жасаў ушын сырт елге кетип атырғаны себепли оны билимлендириў шөлкеми оқыўшылары қатарынан шығарыў бойынша мәмлекетлик хызметти көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Усы қарар менен тастыйықланған ҳәкимшилик регламентлерге муўапық көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын физикалық тәреплер Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасының Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етеди.

Қарарға муўапық, еки ай мүддетте ҳәкимшилик регламентлерге муўапық мәмлекетлик хызметлердиң БИМХП арқалы көрсетилиўи жолға қойылады.

БИМХПда мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўиниң ҳәр бир басқышында мүрәжатлардың көрип шығылыўын бақлап барыў тәртиби енгизиледи.

Ўәкилликли уйымлар тәрепинен мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң белгиленген тәртиби орынланыўы бойынша олардың жумысы бойынша, соның ишинде, БИМХП арқалы турақлы қадағалаў орнатылады.

Ҳәкимшилик регламентлер талапларын бузғаны ушын ўәкилликли уйымлардың лаўазымлы шахсларына белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жаза шаралары қолланылады.

Усы Ҳәкимшилик регламент жас өспирим шахсты толық қарым-қатнасқа уқыплы деп жәриялаў бойынша мәмлекетлик хызметти көрсетиў тәртибин белгилейди.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 28-статьясына тийкарланып он алты жасқа толған жас өспирим шахс мийнет шәртнамасы бойынша жумыс ислеп атырған болса ямаса ата-анасы, перзентликке алыўшылары ямаса қәўендериниң келисими менен исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған болса, ол толық қарым-қатнасқа уқыплы деп жәрияланыўы мүмкин.

Ата-ананың, перзентликке алыўшылардың яки қәўендердиң разылығы болмаған жағдайда, жас өспирим шахсты толық қарым-қатнасқа уқыплы деп жәриялаў судтың қарары менен әмелге асырылады.

Мәмлекетлик хызмет Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм Өзбекстан Республикасының Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы “Бирден-бир миллий социаллық қорғаў” мәлимлеме системасы социаллық хызметкер арқалы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң “Инсан” социаллық хызметлер орайлары тәрепинен көрсетиледи.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ўәкилликли уйым арасындағы мәлимлеме алмасыўы электрон санлы имзаны мәжбүрий тәртипте қолланыў арқалы тек ғана уйымлараралық электрон байланыс жәрдеминде әмелге асырылады.

 ӨзА