Елимиз бойлап “Дослық” фестивалы илажлары болып өтеди

42

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен елимизде 30-июль – Халықлар дослығы күни сыпатында кеңнен белгиленип келинеди. Сәне мүнәсибети менен усы жылдың 23-31-июль күнлери елимиз бойлап “Дослық” фестивалы илажлары болып өтеди.

Фестиваль шеңберинде бир ҳәпте даўамында республикамыздың барлық ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласындағы абырайлы көркем өнер сарайлары, театрлар, концерт заллары, тамаша майданлары ҳәм сулыў қыябанлары менен бағларында түрли мәдений-ағартыўшылық, илимий-әмелий сыяқлы қызықлы байрам илажлары өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги