2026-жылдың ақырына шекем ” Cancer-регистр” мәлимлеме системасы рак кеселликлерин есапқа алыў бойынша халықаралық стандартларға муўапық жетилистириледи

27

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Рак кеселликлериниң алдын алыў, ерте анықлаў ҳәм емлеў илажларын жетилистириў ҳаққында”ғы қарарына муўапық, үш ай мүддетте халық арасында рак кеселликлерин ерте анықлаў және рак кеселликлерине шалынған наўқасларды диагнозлаў, емлеў, диспансер бақлаўына алыў және бағдарлаў процесслерин өз ишине алған наўқаслардың санлы маршрутын енгизиў бойынша техникалық тапсырма ислеп шығып, тастыйықланады.

2026-жылдың ақырына шекем “Cancer-регистр” мәлимлеме системасы рак кеселликлерин есапқа алыў бойынша халықаралық стандартларға муўапық жетилистириледи, сондай-ақ, жасалма интеллект технологиялары тийкарында қарар қабыл етиўди қоллап-қуўатлайтуғын заманагөй санлы қураллар енгизиледи.

2027-жылдың ақырына шекем “Электрон денсаўлықты сақлаў” мәлимлеме системасында рак кеселликлерине шалынған наўқасларды дизимге алыў, диагноз қойыў, емлеў, диспансер бақлаўы және бағдарлаў процесслерин қамтып алған наўқаслардың санластырылған маршруты өз алдына модул сыпатында ислеп шығылып, әмелиятқа енгизиледи.

Қорға 2027-жылы қосымша 1,7 триллион сум қаржы ажыратылады.

Бағдарламада нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер 2028-жылдан баслап ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылады ҳәм баҳалардың өзгериўине қарап индексленип барылады.

Бағдарлама шеңберинде рак кеселликлерин ерте басқышларда анықлаў ҳәм олардың алдын алыў бойынша ислеп шығылған оқыў бағдарламалары тийкарында медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыўға байланыслы қәрежетлер, соның ишинде, сырт ел экспертлерин тартыў қәрежетлери Медицинаны раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры ҳәм Мәмлекетлик бюджеттен Денсаўлықты сақлаў министрлигине ажыратылған қаржылар есабынан қаржыландырылады.

Ҳәр жылы 4-февраль – Пүткил жер жүзилик рак кеселлигине қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен рак кеселликлериниң алдын алыў ҳәм ерте басқышларда анықлаў бойынша халықтың саўатлылығын арттырыўға қаратылған ғалабалық илажлар өткериледи.

2027-жылдың ақырына шекем дәри-дәрмақ ҳәм жумсаў қуралларының резервин санлы прогнозлаў ҳәм басқарыўды, аймақлар кесиминде ең оптимал тәризде усыныс етиўди және өспеге қарсы дәри-дәрмақларды көп жыллық шәртнамалар тийкарында сатып алыў жолға қойылады.

 ӨзА