Обалдан қорқын!

Шыпакерлердиң усынысына бола спорт пенен шуғылланыў, ең болмаса пияда жүриў инсан денесине, руўхына тетиклик ҳәм жақсы кейпият бағышлаўы мүмкин екен. Азанда мәҳәлле жолы бойлап пияда жүриўди әдет еткенмен. Усындай күнлердиң биринде бир үйдиң дәрўазасының астында түрли шығындылар менен араласып жатырған нан бөлеклерине көзим түсти. Әсте барып қолыма алдым. Тандырда писирилген, азғана қатқан аппақ нан бөлеклери. Және бир картон қутыда болса ярым майдаланған, ҳәтте, пүтин нанлар да бар.
Жүдә тәсирленип турғанымда иштен жас келиншек сыпыра көтерип шығып, маған таңланыўшылық пенен қарап, қолымдағы нан бөлеклерине қарады да: “Әжаға керек болса, оларды да алып кете бериң, бизге керек емес”, – деп жерде жатырған нанларға нусқады. Ол бул сөзлерди сондай бийпәрўалық пенен айтты, мен нанның обалы не екенин, оған түсиндириўдиң пайдасы жоқ екенин түсиндим де, бир аўыз сөз айтпастан нанларды жыйнастырып алдым.
Бул не шоқлыққа тоқлық па ямаса келте ойлылық па? Ата үйиндеги ямаса келин болып түскен шаңарақтағы тәрбияның әззилиги.

Инсан өмиринде сондай байлықлар бар, олардың қәдирин пул менен өлшеп болмайды. Нан әне, сондай уллы жемислерден бири. Өзбек халқының көп әсирлик турмыс тәризи, үрп-әдетлери ҳәм руўхый мийрасында нан тек ғана күнделикли азық-аўқат емес, ал берекет ҳәм абаданлық тымсалы сыпатында қәдирленип келинеди.
Бир бөлек нанның дастурханға жетип барыўына шекемги процессте көплеген инсанлардың машақатлы мийнети де бар, әлбетте. Бунда дийқанның уйқысыз түнлери, дәнди унға айландырыўдағы аўыр мийнетлер, нанбайлардың болса шоқтыӊ ыссысына тикке барып ислеген мийнетлери жәмленген.
Өзбек миллетинде нанға болған итибар дастурхан көрки, шаңарақ татыўлығы, байлығы ҳәм келешекке үмити сыпатында баҳаланады. Дүньядағы барлық нәрселерди дастурханға төгиң, егер нан болмаса, оған пайыз кирмейди. Дастурханымызға пайыз берип турған нанды таярлаў процесинде суў, электр энергиясы, жанылғы, транспорт, мийнет ресурслары жумсалыўын ҳәмме де бирдей түсинбейди.
Нанды қәдирлеген халықтың берекети пүтин болады. Бул халқымыз турмысында жүз жыллар даўамында сынақтан өткен турмыслық ҳақыйқат. Ҳәттеки, узақ сапарға шыққан адамға нан тислетип қалыў, жаңа келинниң нан услап шаңараққа кириўи, дастурханның нан менен ашылыўы сыяқлы үрп-әдетлер де халқымыздың бул жемиске болған жоқары ҳүрметин билдиреди.

Буннан шама менен елиў жыл бурынғы бир естелик ядыма түсти. Әкем менен мектеп ушын керекли затларды сатып алыўға Чорсу базарына түстик. Кийим-кеншек, оқыў қураллары ҳәм руўзыгершилик ушын майда-шүйде затлар сатып алдық. Түслик болып қалған екен, бир кесе шай алыў ушын асханаға кирдик. Адам көп болғанлықтан бир әмеллеп орын таўып орналастық. Биз отырған жерде нан себетте нан бөлеклери қалған екен. Түсликтен кейин, әкем себеттеги нан бөлеклерин жыйнап ала баслады. Сонда мен әкеме: “Әке не қылып атырсыз, адамлар бизге қарап атыр, нанларды алмаң, не деп ойлайды”, – дедим. “Ким не айтса айтабер. Бул бизиң ырысқымыз. Алмасақ буны шығындыға таслап жибереди. Обалы кимге урады, бизге урады”, – деп дорбаға салып қойды. Мен сонда әтираптағылардан жүдә уялған едим. Билсем, ол ўақытта бул ең үлкен тәрбия болған екен. Соннан берли қай жерде болмасын шаңарақлық ямаса дослар менен бола ма аўқатланатуғын жерде нан бөлеклерин қалдырмайман. Бул қарын ашлығынан емес, обалдан қорқыў болса керек.
Және бир естелик. Әкем Ташкент қаласының Сергели районындағы азық-аўқат дүкәнларынан биринде ислейтуғын еди. Мектептен дем алысқа шыққан ўақытларымызда иним менен әкеме жәрдем бериўге баратуғын едик. Бир күни дүкәнға рус миллетине тийисли ғарры кирип келди. Бир буханка нан он тийин болған ўақытлар. Ол бес тийин берди ҳәм әкем буханканы тең ортасынан бөлип узатты. Сонда мен ҳайран қалдым. Бундайды көрмегеним ушын әкемнен сорадым. “Көшениң арғы жағындағы үйде ғарры менен кемпир жасайды. Буларға усы жеткиликли. Кешке таман және ярым бөлек алады. Бириншиден керегин, екиншиден жаңа келген наннан алады.
Бирақ бүгин глобалласыў, артықша тутыныў ҳәм ысырапгершилик себепли нанның ҳақыйқый қәдири гейде умытылып атырғандай. Бул болса тек ғана руўхый емес, ал экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларды да келтирип шығармақта. Дүнья көлеминде де бул машқала әҳмийетлилигинше қалмақта. БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (FAO)ниӊ мағлыўматларына бола, ислеп шығарылған азық-аўқаттың дерлик үштен бир бөлеги жоғалтылады ямаса зая болады. Бул бир ўақыттың өзинде миллионлаған инсанлар ашлықтан қыйналып атырған шараятта айрықша машқала болып есапланады.
Түрли баспасөз басылымларында дүнья майданындағы ең әҳмийетли машқалалар ҳаққында тынымсыз пикирлер ҳәм көзқараслар жәмийетшиликтиң итибарына усынылмақта. Мәселен, суў жетиспеўшилиги, жанылғы өнимлери, соның ишинде, тәбийий газ, электр энергиясы ҳәм және көплеген инсан турмысы ушын ең әҳмийетли болған жемислер ҳаққында дүньяның жетик илимпазлары, тараў қәнигелери өз көзқарасларын билдирмекте. Бүгин дүньяда азық-аўқат, соның ишинде, нан өнимлериниң ысырапгершилиги үлкен машқалаға айланып баратырғаны да ҳақыйқат.

Соӊғы жыллары елимизде ысырапгершиликти азайтыў, шығындыларды сортлаў ҳәм қайта ислеўге мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылмақта.
Соның ишинде, Президенттиң 2024-жыл 4-январьдағы “Шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў ҳәм олардың экологиялық жағдайға унамсыз тәсирин азайтыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы бойынша кең көлемли ўазыйпалар белгиленди. Ҳүжжетте шығындыларды сортлаў, қайта ислеўдиӊ үлесин арттырыў ҳәм халықтың экологиялық мәдениятын арттырыўға айрықша итибар берилген.
Педагоглар ҳәм психологлардың айтыўынша, балада үнемлеў ҳәм затқа ҳүрмет сезими, бәринен бурын шаңарақта қәлиплеседи. Балалар үлкенлерге қарағанда бақлаўшыл болады. Бала үйдеги жасы үлкен адамлардың ҳәрекетинен көп нәрсе үйренеди ҳәм бул оның санасында узақ сақланады. Ҳәр бир нәрсеге болған мүнәсибеттиң қәлиплесиўи жасларда тез раўажланады. Нанға ҳүрмет, бәринен бурын, шаңарақта қәлиплеседи. Перзент дастурхан әтирапында үлкенлердиң мүнәсибетин көрип өседи. Егер шаңарақта нан жерге тасланбаса, артықша сатып алынбаса, қалған наннан ақылға уғрас пайдаланылса, бул келешек әўлад ушын да турмыслық әдетке айланады.

Әпиўайы, бирақ, турмыста сынақтан өткен қағыйдалар бәрқулла нәтийже береди. Буның ушын оларға әмел етиўдиң өзи жеткиликли. Мәселен, зәрүрликке қарай нан сатып алыў, ыссылығынан тәсирленип артықша алмаў, қалған бөлегинен миллий тағамлар яки сухарылар таярлаў, пайдаланыўға жарамлы артықша өнимлерди болса мүтәжлерге тарқатыў сыяқлы әпиўайы әдетлер үлкен социаллық ҳәм экономикалық әҳмийетке ийе.
Бүгин Жаңа Өзбекстанда экологиялық мәдениятты арттырыў, үнемлеў принциплерин турмыс тәризине айландырыў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында избе-из алға қойылмақта. Бул мақсетлерге ерисиўде ҳәр бир пуқараның саналы мүнәсибети ҳәм жеке жуўапкершилиги шешиўши орын ийелейди.
Нанға ҳүрмет дийқанның машақатлы мийнетине ҳүрмет. Оны ысырап етпеў болса жер, суў ҳәм басқа да тәбийий байлықларды қәстерлеп сақлаў, келешек әўлад санасына үнемлеў ҳәм жуўапкершилик сезимин сиңдириў деген сөз.
Өйткени, ырысқы қәдирленген шаңарақта берекет болады, мийнеттиң қәдири улығланған жәмийет болса раўажланыў ҳәм абаданлыққа қарай исеним менен қәдем таслайды.
Асрор Сулаймонов,
ӨзА