Жетиспей атырған тәрепи – жуўапкершилик ҳәм интакерлик, – Президент

91

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәҳәллелерге жаңа орталық алып кириў ҳәм “мәҳәлле жетилиги” жумысын жаңаша шөлкемлестириў бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.

Мәмлекетимиз басшысы быйыл инфраструктураны жақсылаў, адамлар ҳәм исбилерменлер ушын шараят жаратыў мақсетинде районларға орташа 250 миллиард сумнан, мәҳәллелерге болса 5,5 миллиард сумнан қаржы берилгенин атап өтти.

Район ҳәкимлери ҳәм мәҳәлле басшыларының түсим бойынша ўәкилликлери кеңейтилгени нәтийжесинде аймақта қалатуғын қосымша дәрамат 2 есеге шекем көбейди. Районларда орташа 22 миллиард сумнан қосымша қаржы қалды, мәҳәлле бюджетине болса орташа 150-200 миллион сум түсти.

– Бир сөз бенен айтқанда, аймақтағы мәселелерди шешиў ушын ҳәкимде де, мәҳәлле баслығында да, улыўма, “жетилик”тиң ҳәр бир ўәкилинде ресурс ҳәм ўәкиллик бар. Жетиспей атырған тәрепи – жуўапкершилик ҳәм интакерлик, – деди Президентимиз.

ӨзА