Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығы мүнәсибети менен Грециядағы ўатанласлар ушын байрам шөлкемлестириледи

Усы күнлерде Өзбекстан Республикасының мәденият министри Озодбек Назарбеков басшылығындағы делегация хызмет сапары менен Греция Республикасында болып тур.
Сапар етиў шеңберинде О.Назарбеков Грецияда жасап атырған өзбекстанлы ўатанласлар менен ушырасыў өткерди. Сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен байланысларды және де беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилген ушырасыўда мәмлекетимиздиң түрли аймақларында туўылып өскен, түрли жылларда Грецияға көшип барған 30 ға шамалас ўатанлас қатнасты.
Сәўбетлесиў даўамында ўатанласлар Өзбекстан ҳаққындағы жыллы еске алыўлары, бүгинги мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм келешектеги режелери менен ортақласты. Сондай-ақ, соңғы жыллары Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, дөретиўшилик жумыслар және мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы жаңаланыўлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Сөйлесиў ўақтында министр ўатанласларымыздың турмысы, жумысы, машқала ҳәм усыныслары менен танысты. Грецияда телевидение ҳәм радио тараўында, мәмлекетлик уйымларда, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм мектеплерде нәтийжели мийнет етип атырған ўатанласларымыздың жумысы айрықша тән алынды. Сондай-ақ, олардың мәдений талаплары, өзбек тили ҳәм миллий қәдириятларды перзентлерине жеткериў бағдарындағы пикир ҳәм усыныслары додаланды.
Ушырасыўда усы жылы сентябрь айында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Грециядағы ўатанласлар ушын байрам илажларының шөлкемлестирилиўи ҳәм Өзбекстаннан дөретиўшилик жәмәәттиң жиберилиўи режелестирилип атырғаны мәлим етилди.
Г.Бобоева, ӨзА