Қәбилетли басқарыўшыларды сайлап алыў ҳәм жаӊа әўлад басшыларын таярлаў бойынша усыныслар көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев қәбилетли басқарыўшылар, лидерлер ҳәм жаңа әўлад басшыларын анықлаў ҳәм таңлаў және “Эл-юрт умиди” қоры арқалы қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў илажлары бойынша презентация менен танысты.
Бүгинги күнде Өзбекстан интеллектуаллық потенциал ҳәм жоқары технологияларға тийкарланған жаңа раўажланыў басқышына өтпекте. Елимизге ҳәр жылы 50 миллиард доллардан аслам инвестиция кирип келмекте, экспорт көлеми 40 миллиард долларға шамаласпақта, заманагөй кәрханалар иске қосылмақта.
Бундай шараятта профессионал мәмлекетлик хызмет ҳәм бәсекиге шыдамлы экономика ушын зәрүр кадрларды алдыннан таярлаў стратегиялық әҳмийетке ийе.

Соӊғы жылларда мәмлекетлик басқарыўда кадрларды таңлаў ҳәм баҳалаў системасы избе-из санластырылды. Биринши мәрте 87,7 мың мәмлекетлик хызметкердиң бирден-бир электрон мағлыўматлар базасы қәлиплестирилди. Мәмлекетлик хызметке қабыллаў ашық таңлаў тийкарында, талабанлардың билим ҳәм көнликпелерин инсан факторысыз баҳалаў арқалы әмелге асырылмақта.
Презентацияда жасалма интеллект жәрдеминде тармақлар ҳәм аймақлардың драйвер тараўлары талланып, 50 ден аслам заманагөй кәсип бойынша басқарыў кадрларына талап бар екенлиги анықланғаны атап өтилди. Әсиресе, энергетика ҳәм “жасыл” технологиялар, қурылыс ҳәм урбанизация, аўыл ҳәм суў хожалығы, санластырыў ҳәм хызмет көрсетиў бағдарларында маман қәнигелерге талап жоқары.

Мәмлекетимиз басшысы таяр кадрлар базасы болмаса, басқарыў системасында үзилислер жүзеге келиўин, жумыс нәтийжелилиги ҳәм қарарлардың сапасы төменлейтуғынын атап өтти.
Кадрларды баҳалаўда ески “объективка” усылынан ўаз кешип, талабанның билимин, кәсиплик тәжирийбесин, психологиялық өзгешеликлерин, стратегиялық пикирлеўин ҳәм жетекшилик қәбилетин қамтып алатуғын портфолио системасына өтиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Жаңа тәртипке бола, перспективалы басқарыўшылар санлы технологиялар тийкарында 100 баллық норма бойынша баҳаланады. Үлкен мағлыўматлар ҳәм бизнес-анализ қураллары арқалы жоқары потенциаллы кадрлар анықланып, олар ушын жасалма интеллект жәрдеминде индивидуал кәсиплик раўажланыў режелери ислеп шығылады. Бул системаны дәслеп аўыл хожалығы, жоқары билимлендириў ҳәм қурылыс тараўларында сынақтан өткериў усыныс етилди.
Ҳәр еки жылда 500 перспективалы басқарыўшыны таңлап алыў, усы тәризде 2030-жылға шекем 1,5 мың жоқары потенциаллы қәнигеден ибарат жаңа әўлад басшы кадрлар резервин жаратыў режелестирилген.
Презентацияда басшылық лаўазымлары ушын резервти ашық-айдын қәлиплестириўге қаратылған “ТОП-100” ашық таңлаўын өткериў механизми де айтып өтилди. Таңлаў аграр тараў, денсаўлықты сақлаў, исбилерменлик, суд-ҳуқық, билимлендириў, мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект бағдарларын қамтып алады.
Талабанлар тест, комплексли кәсиплик баҳалаў ҳәм сөйлесиў басқышларынан өтеди. Жеңимпазлар арнаўлы оқыў курсларында таярланып, миллий кадрлар резервине киргизиледи, олардың кәсиплик өсиўи ҳәм басшылық лаўазымларына тайынланыўы бойынша мәнзилли илажлар көриледи.
Миллий кадрлар резервин қәлиплестириўде сырт елдеги ўатанласлар, сондай-ақ, дүньяның ең абырайлы 100 университетин тамамлаған ҳәм оларда билим алып атырған жаслардың потенциалынан нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Бул бағдарда 2026-жыл 1-октябрьден career.edu.uz платформасында “Шет елдеги студентлер” модулин иске қосыў режелестирилген. Ол арқалы сырт елде билим алып атырған жаслар мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке меншик кәрханаларға бириктириледи, олардың әмелият өтеўи, жумыс бериўшилер менен сөйлесиўи ҳәм келешекте жумысқа тартылыўы тәмийинленеди.
Мәжилисте “Эл-юрт умиди” қорының жумысын жетилистириў мәселелерине де итибар қаратылды. Өткен жылы қор трансформацияланғаны нәтийжесинде дүньяның ең абырайлы 100 жоқары оқыў орнының студенти болған стипендиатлардың үлеси 30 проценттен 80 процентке жетти. Кейинги жылы жаңа тәртип тийкарында өткерилген үш таңлаўда 447 қәбилетли жас стипендия ийеси болды.
Соның менен бирге, қор бағдарламаларын аймақ ҳәм тармақлардың анық талапларына байланыстырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Қәбилетли жасларды сырт ел университетлеринде мәнзилли таярлаў, оқыў қәрежетлерин ири кәрханалар менен биргеликте қаржыландырыў, абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынлары менен биргеликтеги бағдарламаларды жолға қойыў бойынша усыныслар билдирилди.
Сондай-ақ, питкериўшилердиң илимий изертлеўлери, стартаплары ҳәм реформаларға қаратылған басламаларын киши грантлар арқалы қоллап-қуўатлаў, жоқары буўын басшылары ушын Сингапур, Малайзия, Уллы Британия ҳәм Япония тәжирийбеси тийкарында жетекшилик бағдарламаларын шөлкемлестириў режелери көрип шығылды.
Президентимиз кадрларды таңлаўда ашық-айдынлықты ҳәм қалыслықты тәмийинлеў, қәбилетли қәнигелерди системалы түрде қоллап-қуўатлаў және олардың потенциалынан мәмлекеттиң раўажланыўы жолында нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
ӨзА