Дүньядағы ең ғалабалы смартфон бренди анықланды

31

Counterpoint Research (CR) мағлыўматларына бола, глобаллық смартфонлар саўдасы 13 жыллық ең төмен көрсеткишке түсип кетти.  

Есабатта айтылыўынша, глобаллық смартфонлар жеткерип бериў көлеми өткен жылға салыстырғанда 11 процентке азайды, бул 2013-жылдан берли ең жаман көрсеткиш болып есапланады. Төменлеўдиң тийкарғы себеби оператив яд ҳәм оператив яд модуллериндеги кризис болып, бул тараўда талап кескин артты.

Қәнигелер смартфонлар базарындағы жетекшилерди анықлады. Samsung ең белгили бренд болып қалмақта, Қубла Корея компаниясының үлеси жыл даўамында 20 проценттен 24 процентке шекем өсип, ең жоқары көрсеткишти сақлап қалмақта. Америка компаниясы Apple екинши орынды ийеледи, оның үлеси 17 проценттен 20 процентке шекем артты. Қытайлы ислеп шығарыўшылар Xiaomi, Oppo ҳәм Vivo кейинги орынларды ийеледи.

Изертлеў фирмасының мағлыўматларына бола, быйыл глобаллық смартфонлар жеткерип бериў көлеми шама менен 14 процентке азайыўы күтилмекте. Есте сақлаў жетиспеўшилиги 2027-жылға шекем даўам етиўи мүмкин,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги