Беларусь пенен аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев Беларусьқа сапары даўамында аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша ерисилген келисимлердиң орынланыўына байланыслы презентация менен танысты.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысының 8-9-июль күнлери усы мәмлекетке әмелге асырылған рәсмий сапары ўақтында өз-ара саўда көлемин 2 миллиард долларға жеткериў, машина қурылысы, аўыл хожалығы, фармацевтика, тоқымашылық, ағашты қайта ислеў ҳәм медицина тараўларында улыўма баҳасы 2 миллиард долларлық 310 жойбар ҳәм илажларды әмелге асырыў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди.

Мәмлекетимиз басшысы оларды қысқа мүддетте әмелий нәтийжеге айландырыў, жаңа кәрханалар ҳәм жумыс орынларын шөлкемлестириў, исбилерменлер ушын зәрүр шараятларды жаратыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Беларусьта инвестициялық жойбарларды жайластырыў ушын усыныс етилип атырған санаат объектлери, мәмлекетлик мүлк ҳәм кең аўыл хожалығы жерлери бар. Мәмлекет аймағының 40 процентин ямаса 8 миллион гектарын аўыл хожалығы майданлары қурайды.
Бул имканиятлар биргеликтеги өндирислерди жолға қойыў, аграр кооперацияны раўажландырыў, исбилерменлик байланысларын кеңейтиў ҳәм пуқараларды шөлкемлескенлик тийкарда жумыс пенен тәмийинлеў ушын беккем тийкар жаратады.

Онда Беларусьта жумыс ислеў ямаса бизнес жүргизиў тилегиндеги пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң дизимин қәлиплестирип, Беларусь тәрепи менен алдыннан келисип, жумыс орны, жасаў шараяты, жойбар ушын зәрүр имарат ҳәм жер мәселелерин шешкен ҳалда олардың барыўын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Презентацияда Әндижан ҳәм Витебск ўәлаятлары арасындағы бирге ислесиў шеңберинде орынланған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Еки аймақ арасында “жол картасы” тастыйықланып, анық басламаларды әмелге асырыў басланған. Соның ишинде, Әндижан ўәлаятының 255 пуқарасының шөлкемлескенлик тийкарында Витебскке барыўы ҳәм бәнтлиги тәмийинленди.
Сондай-ақ, 11 шарўашылық комплекси тийкарында жаңа жойбарларды жолға қойыў бойынша келисимге ерисилди. Олардың ҳәр бири 200 бастан 3 мың басқа шекем қарамал бағыў имканиятына ҳәм жетерли азықлық майданларына ийе.
“Андижан инвест” компаниясының қатнасыўында ири шарўашылық комплекси ҳәм санаторий комплекси тийкарында инвестициялық ҳәм социаллық басламаларды баслаў илажлары көрилмекте.

Улыўма, Витебск ҳәм Беларусьтың басқа да ўәлаятларында шарўашылық, ағашты қайта ислеў, логистика, саўда ҳәм хызмет көрсетиў бағдарларында улыўма баҳасы 100 миллион доллардан аслам болған 30 жаңа жойбар пакети қәлиплестирилди.
Атап айтқанда, Витебск ўәлаятында 3 мың бас қарамалға мөлшерленген ири сүт жетистириў комплекси, бир қатар орта көлемдеги шарўашылық хожалықлары, ағашты терең қайта ислеў ҳәм оның шығындысынан пеллет ислеп шығарыў кәрханасын шөлкемлестириў режелестирилген.
Президентимиз Әндижан ҳәм Витебск ўәлаятлары арасында қәлиплескен бирге ислесиў моделин басқа аймақлар кесиминде де раўажландырыў бойынша көрсетпелер берди.
Бухара, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Ташкент, Ферғана ҳәм Самарқанд ўәлаятлары Беларусьтың Витебск, Могилёв, Гродно, Гомел ҳәм Брест ўәлаятларына бириктириледи. Санаат ҳәм аграр объектлер тийкарында жаңа өндирислерди шөлкемлестириў, исбилерменлик жойбарларын жайластырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша өз алдына “жол карталары” тастыйықланады.
Ҳәр бир аймақтан 30 дан жетекши исбилерменди Беларусьқа алып барып, жергиликли шериклер менен биргеликтеги басламаларды баслаў ўазыйпасы қойылды.
Өз-ара саўданы жеделлестириў ҳәм жүк тасыў қәрежетлерин азайтыў мақсетинде заманагөй логистика инфраструктурасын қурыў мәселелери де көрип шығылды.
Жылдың ақырына шекем “Беларусь темир жоллары” менен биргеликте Витебск ўәлаятындағы Орша станциясында экспорт-импорт жүклери ушын қолайлы тарифлер тийкарында хызмет көрсететуғын интермодал логистика орайын иске қосыў белгиленди.
Сондай-ақ, Беларусь компаниялары менен биргеликте еки ел арасында тиккелей блок-поездлар қатнаўын жолға қойыў ўазыйпасы қойылды.
Пуқараларды шөлкемлескен тәртипте жумысқа жайластырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Биринши басқышта Витебск ҳәм басқа да аймақлардағы 13 кәрханаға 1 мың 100 Өзбекстан пуқарасын таңлаў тийкарында жумысқа жайластырыў режелестирилген.
Сентябрь айынан баслап ҳәр айда 500 ден, жәми 5 мың әндижанлықты Витебск ўәлаятында турақлы жумыс пенен тәмийинлеў нәзерде тутылған. Буның ушын Витебск қаласында Миграция агентлигиниң ўәкилханасы ашылады.
Исбилерменлерге Беларусьта есап бет ашыў, устав фондына қаржы өткериў ҳәм жойбарларына финанслық ресурслар алыўда жәрдемлесиў ўазыйпасы қойылды.
Витебскте заманагөй сүт жетистириў комплекси, ағашты қайта ислеў заводы ҳәм логистика компаниясын шөлкемлестириў ушын зәрүр қаржыларды қолайлы шәртлерде ажыратыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир келисим анық жойбар, жаңа кәрхана, қосымша саўда көлеми ҳәм мүнәсип жумыс орнына айланыўы шәрт екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге ерисилген нәтийжелерди системалы қадағалаў ҳәм “жол карталары” орынланыўын сын көзқарастан таллап барыў тапсырылды.
ӨзА