“Ректорлар мектеби” бағдарламасы шеңберинде оқыўға қабыллаў тәртиби белгиленди

28

Әдиллик министрлиги “Жаңа Өзбекстан” университетинде мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлери ректоры (директоры) лаўазымына талабанларды таярлаў бойынша “Ректорлар мектеби” бағдарламасы шеңберинде оқыўға қабыллаў тәртиби ҳаққындағы режени мәмлекетлик дизимнен өткерди (дизим саны 3897, 13.07.2026 ж.).

Бул ҳүжжетке бола, Бағдарлама шеңберинде 30 жасқа толған, кеминде магистр академиялық дәрежесине ҳәм жоқары билимлендириў тараўында кеминде 5 жыллық жумыс тәжирийбесине ийе болған, соның ишинде, 2 жыл басшылық лаўазымларында ислеген талабанлар ашық таңлаў тийкарында оқыўға қабыл етиледи.

Мағлыўмат ушын, Министрлер Кабинетиниң “Жаңа Өзбекстан” университетинде “Ректорлар мектеби” бағдарламасын жолға қойыў илажлары ҳаққында”ғы 2026-жыл 16-апрельдеги 177-санлы қарарының 3-бәнтиниң «в» бәнтине тийкар мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлери ректоры (директоры) лаўазымына талабанлар тек ғана Бағдарламаны табыслы тамамлаған ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлери ректоры (директоры) резервине киргизилген шахслар арасынан таңлап алынады.

Қабыллаў процеси төмендеги 4 басқышта шөлкемлестириледи:

1) ҳүжжетлерди қабыл етиў ҳәм үйрениў;

2) тест сынақлары;

3) психологиялық баҳалаў;

4) сәўбет.

Талабанлар тест, психологиялық баҳалаў ҳәм сәўбет нәтийжелери бойынша топлаған улыўма баллары тийкарында рейтинг қәлиплестириледи ҳәм қабыллаў квотасы шеңберинде оқыўға усыныс етиледи.

Сондай-ақ, Реже менен ҳүжжетлерди тапсырыў, баҳалаў критериялары, нәтийжелерди жәриялаў, апелляция тәртиби ҳәм қабыллаў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў механизмлери белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги