Өзбекстан Президенти Қатар Әмири ҳәм ҳалқына кеўил билдирди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Мәмлекетиниң бурынғы Әмири Шайх Ҳамад бин Халифа Ол Сонийдиң қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў ушын 14-июль күни Доха қаласында болды.
Ҳамад халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қатар Бас министриниң орынбасары, қорғаныў министри Шайх Сауд бин Абдулраҳмон Ол Соний ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Усы күни Лусаил сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Мәмлекети Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний менен ушырасты.
Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Қатар Әмирине әкеси – бурынғы Әмир Шайх Ҳамад бин Халифа Ол Сонийдиң қайтыс болғаны мүнәсибети менен терең қайғырыў менен кеўил билдирди.
Шайх Ҳамад Ол Соний Ҳәзиретлери Қатар Мәмлекети ерискен көплеген тарийхый жетискенликлер, үлкен дөретиўшилик жумыслары, социаллық-экономикалық турмыстағы жедел реформалар, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайының артыўына үлкен үлес қосқан сиясатшы болғаны атап өтилди.

Соның менен бирге, ол инсанның еллеримиз арасындағы жақын дослық ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди раўажландырыў және беккемлеўдеги нәтийжели мийнетлери айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, Президентимиз Қатар бүгинги күнде регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелеп атырғаны, халықаралық майданда үлкен тәсирге ийе “Доха ҳаўазы” пайда болғанын атап өтти.
Еки мәмлекет жетекшилери Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў, көп тәреплемели байланысларды жаңа басқышқа көтериў, әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелерди додалады.

Өз гезегинде, Қатар Әмири Өзбекстан Президентине усы сынаўлы демлерде жеке өзи келип, шын жүректен кеўил билдиргени ҳәм дослық қоллап-қуўатлағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан басшысы Қатар Әмириниң өзине қолайлы болған ўақытларда елимизге сапар менен келиўге мирәт етти.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қатар Мәмлекетине сапары жуўмақланды.
ӨзА