Пенсия системасын реформалаў бойынша усыныслар көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев пенсия системасын реформалаў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.
Он жылда елимизде пенсия муғдары 3,3 есеге арттырылды, оның ең аз муғдары минимал тутыныў қәрежетлери дәрежесинен жоқары белгиленди. 2021-жылға шекем 1,1 миллион пуқараның пенсиясы 400 мың сумнан аз болған. Бүгинги күнде ең аз пенсия муғдары 878 мың сумды, минимал тутыныў қәрежетлери болса 715 мың сумды қурамақта.
Презентацияда топланып барылатуғын пенсия системасы раўажланған еллерде пенсия қаржылары экономика ушын узақ мүддетли ресурс ўазыйпасын атқарып атырғаны атап өтилди.

Есап-санақларға бола, елимизде пенсия системасы дурыс жолға қойылса, экономикаға узақ мүддетли қаржыларды тартыў мүмкин. Буны Халықаралық валюта қоры, Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки ҳәм Халықаралық мийнет шөлкеминиң экспертлери де тастыйықламақта.
Сол себепли пенсия системасын алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында реформалаў, жыйналып барылатуғын, жеке меншик ҳәм корпоратив пенсия системаларын раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ҳәзирги ўақытта пуқаралар мийнет ҳақысының 0,1 проценти топланып барылатуғын пенсия есап бетине өткериледи. Бул қаржыларға есапланатуғын жыллық 10 процентлик дәрамат банк аманатларынан дерлик еки есеге аз.
Усы мүнәсибет пенен бул системаның тартымлылығын арттырыў ҳәм халықты онда белсене қатнасыўға хошаметлеў бойынша жаңа механизмлер усыныс етилди.

Атап айтқанда, айлық мийнет ҳақысы 7,6 миллион сумға шекемги (пенсия есаплаў базалық муғдарының 15 есеси) болған пуқара жыйналып барылатуғын пенсия есап бетине мийнет ҳақысының 5 процентин өткерсе, мәмлекет тәрепинен қосымша 2,5 процент муғдарында қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта.
Айлық мийнет ҳақысы 7,6 миллион сумнан жоқары болған пуқаралар ушын болса төленген социаллық салықтың усы муғдардан артқан бөлегиниң 1 процентин олардың топланып барылатуғын пенсия есап бетине өткериў усыныс етилди.
Пенсия муғдарын есаплаў тәртибин жетилистириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Әмелде пенсия ақырғы он жыллық мийнет искерлигиндеги бес жыллық мийнет ҳақыдан есапланады. Сондай-ақ, мийнет ҳақының 6 миллион сумнан жоқары бөлеги есапқа алынбайды. Бул айырым жағдайларда пуқаралардың пенсиясының орташа муғдарының төменлеўине алып келмекте.
Сонлықтан пенсия есапланатуғын мийнет ҳақы дәўирин 5 жылдан 20 жылға шекем созыў ҳәм төмен дәрамат алынған айырым дәўирлерди есаптан шығарыў усыныс етилди.
Сондай-ақ, 2027-жылдан баслап пенсия есаплаўда инабатқа алынатуғын мийнет ҳақының жоқары шегин ҳәзирги 6 миллион сумнан 6,6 миллион сумға арттырыў нәзерде тутылмақта.
Есап-санақларға бола, жаңа тәртип тийкарында пенсияға шығатуғын пуқаралардың пенсия муғдары ҳәзиргиге салыстырғанда 8 процентке артыўы мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы пенсия системасындағы өзгерислер миллионлаған пуқаралардың турмысы ҳәм келешегине тийисли екенин атап өтип, ҳәр бир усыныстың социаллық ҳәм экономикалық тәсирин пуқта есап-санақ етиў зәрүрлигин көрсетип өтти.
Бундай мәселелерди халық, кең жәмийетшилик, ғалаба хабар қураллары ҳәм блогерлерди тартқан ҳалда ашық додалаў, реформалардың мақсети ҳәм күтилип атырған нәтийжелерин пуқараларға анық түсиндириў ўазыйпасы қойылды.
Жуўапкерлерге сырт ел тәжирийбесин ҳәр тәреплеме пуқта үйренип, жеке меншик ҳәм корпоратив пенсия системаларын жаратыў бойынша нызам жойбарын киргизиў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА