Өзбекстан Президенти Тоскана ўәлаяты менен бирге ислесиў үлкен потенциалға ийе екенин атап өтти

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-июль күни елимизге әмелий сапар менен келген Италияның Тоскана ўәлаятының губернаторы Эуженио Жани басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Өзбекстан – Италия стратегиялық шериклигин, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Барлық дәрежелерде еки тәреплеме сөйлесиўлер жеделлескени ҳәм бирге ислесиўдиң тийкарғы көрсеткишлери избе-из өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жылдың басынан берли өз-ара саўда көлеми 25 процентке артты. Өзбекстанда металлургия, энергетика, аўыл хожалығы, химия санааты ҳәм экономиканың басқа да тармақларында Италияның жетекши компанияларының қатнасыўында жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.
Өзбекстан ҳәм Тоскананы көп әсирлик тарийхый ҳәм мәдений байланыслар байланыстырып туратуғыны атап өтилди. Уллы жипек жолы дәўиринде Флоренция менен Өзбекстанның әййемги қалалары арасында жедел саўда-сатық исленген, флоренциялы саўдагер ҳәм дипломатлар болса Әмир Темур сарайында қабыл етилген.

Бүгинги күнде Ташкент қаласында Пиза университетиниң филиалы табыслы жумыс алып бармақта. Усы жылы бул филиал мийнет базарына дәслепки питкериўшилерди шығарады. Прато қаласында елимиздиң тоқымашылық өнимлери саўда үйи жумыс ислемекте. 2024-жылы Флоренциядағы Уффици галереясында елимиздиң авангард көркем өнери шығармаларының көргизбеси шөлкемлестирилди.
Тоскана ўәлаяты менен тоқымашылық, былғары аяқ-кийим, азық-аўқат ҳәм зергерлик санааты, қурылыс ҳәм билимлендириў, мәденият ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў үлкен потенциалға ийе екени атап өтилди.
Тоскана ҳәм Бухара ўәлаяты арасында шериклик байланысларының раўажланып атырғаны ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылғаны жоқары баҳаланды.
Ушырасыў жуўмағында Тоскана менен мәмлекетимиз аймақлары арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған жаңа жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын биргеликтеги “жол картасы”н таярлаў ҳәм қабыл етиў ҳаққында келисимге ерисилди.

Тоскана Италияның ең экономикалық раўажланған аймақларының қатарына киреди ҳәм күшли санаат потенциалы, жоқары технологиялы өндирис, заманагөй аўыл хожалығы, дүньяға белгили виношылық ҳәм туризм тармағына ийе.
Ўәлаяттың ҳәкимшилик орайы – Флоренция болса жәҳән мәденияты, илими ҳәм көркем өнериниң раўажланыўына үлкен үлес қосқан Ояныў дәўириниң улыўма тән алынған “бесиги” болып есапланады.
ӨзА