Өзбекстанда мийнет руқсатнамасысыз ислеген сырт еллилер жуўапкершиликке тартылады

35

Олий Мажлис Нызамшылық палатасында “Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Додалаўларда атап өтилиўинше, соңғы жыллары мәмлекетте виза бериў ҳәм сырт ел пуқараларын дизимнен өткериў тәртибиниң әпиўайыластырылыўы, сондай-ақ, туризм тараўында жаратылған жеңилликлер нәтийжесинде Өзбекстанға келип атырған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың саны артып бармақта.

Соның менен бирге, айырым сырт ел пуқаралары ҳәм турақлы түрде басқа мәмлекетлерде жасайтуғын пуқаралығы болмаған шахслар мийнет етиў ҳуқықын беретуғын тастыйықнама алмастан ислеп атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ, тастыйықнамада көрсетилмеген мийнет түрлери менен шуғылланыў жағдайлары да ушыраспақта.

Нызам жойбарына муўапық, Өзбекстан аймағында тастыйықнамасыз мийнет пенен шуғылланған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти енгизиў усыныс етилмекте. Сондай-ақ, тастыйықнамада нәзерде тутылмаған мийнет жумысы менен шуғылланғаны ушын да жуўапкершилик белгилениўи нәзерде тутылған.

Жойбарға тийкарланып, бул түрдеги ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларға байланыслы ислерди көрип шығыў ўәкиллигин Мәмлекетлик мийнет инспекциясы, ишки ислер уйымлары ҳәм жынаят ислери бойынша судларға бериў усыныс етилмекте.

Депутатлардың атап өтиўинше, нызам жойбары мийнет қатнасықлары тараўындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, нызамлы мийнет базарын қәлиплестириў ҳәм пуқаралардың мийнет ҳуқықларын исенимли қорғаўға хызмет етеди.

Бул нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги