Примкулова Дилноза Фарход қызын Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққында

159

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Жаңа Өзбекстан жаслары арасында өзиниң талапшаңлығы, билими ҳәм маманлығы, мийнет сүйгишлик ҳәм ўатансүйиўшилик пазыйлетлери менен өрнек болып, елимизде металлургия тараўын жедел раўажландырыў, өндирис нәтийжелилигин арттырыў, санаатта ҳаял-қызлардың қатнасыўын кеңейтиўге мүнәсип үлес қосып киятырғаны, сондай-ақ, китапқумарлық улыўма миллий ҳәрекетинде белсене қатнасып атырғаны, әдебият тараўындағы дөретиўшилик үлгилери менен жәмийетимиздиң руўхый-ағартыўшылық тийкарларын беккемлеў, жақсылық ҳәм адамгершиликти үгит-нәсиятлаўда айрықша жанкүйерлик көрсетип атырғаны ушын “Өзбекстан металлургия комбинаты” акционерлик жәмийетиниң қуйыў-прокатлаў комплексиниң қәнигеси Примкулова Дилноза Фарход қызы Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлансын.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев.