Бекобод қаласы және де абат ҳәм раўажланған мәканға айланады

164

Президент Шавкат Мирзиёев 13-июль күни Ташкент ўәлаятының Бекобод қаласына барып, Өзбекстан металлургия комбинатында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жаңа жойбарлар менен танысты. Сондай-ақ, елимизде қара металлургия санаатын буннан былай да раўажландырыў бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Бекобод қаласына электропоездда келди.

Президентимиздиң 2025-жыл 27-декабрьде қабыл етилген “2030-жылға шекем темир жол транспортында жергиликли жөнелислерде жолаўшы тасыў көрсеткишлерин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында аймақларда транспорт инфраструктурасы жаңаланып, жергиликли қатнаўлар кеңейтилмекте. Нәтийжеде халық ушын қолайлы ҳәм сапалы транспорт хызметлери жолға қойылмақта.

Бекобод вокзалында Президентимизге пайтахт ҳәм усы қаланы байланыстыратуғын жөнелисте әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.

192 километрлик “Ташкент – Бекобод” темир жол қатнаўы күнине дерлик мың, жылына болса 300 мың жолаўшыға хызмет көрсетиўи режелестирилген. Енди онда алты вагоннан ибарат, 586 жолаўшыға мөлшерленген электропоезд саатына 120 километрге шекемги тезликте ҳәрекетленеди. Бул, әсиресе, ҳәр күни жумыс ҳәм оқыўға қатнайтуғын пуқаралар ушын қосымша қолайлық жаратады.

Электропоездда жолаўшылар ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, майыплығы болған шахслар ушын арнаўлы көтергишлер орнатылған. Вагонлар кондиционер ҳәм ысытыў системалары, жумсақ орынлықлар, USB қуўатлаў ноқатлары ҳәм Wi-Fi тармағы менен үскенеленген. Сондай-ақ, видеобақлаў системалары, электрон мәлимлеме таблолары ҳәм велосипедлер ушын арнаўлы орынлар бар.

Тез жүрер электропоезддың қатнаўға қойылыўы автомобиль жолларындағы транспорт жүгин азайтыў ҳәм экологиялық таза транспорт үлесин арттырыўға хызмет етеди.

Президентимиз темир жол инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў, жолаўшылар ушын шараятларды жақсылаў, тармақларды электрлестириў ҳәм темир жолларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы вокзал инфраструктурасы, хызмет көрсетиў сапасы ҳәм жолаўшылар ҳәрекетин нәтийжели шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Бекобод қаласындағы Өзбекстан металлургия комбинатында қурылған жаңа Қуйыў-прокатлаў комплексин иске қосыў мәресиминде қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы комбинат жәмәәтин, мийнет ветеранларын ҳәм сырт елли бирге ислесиўшилерди усы әҳмийетли ўақыя менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде кән-металлургия тараўын жаңа технологиялық басқышқа алып шығыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Өткен он жылда тараўға дерлик 2 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылып, 31 ири өндирис қуўатлылығы иске қосылды. Жеке меншик секторға кеңнен жол ашылғаны нәтийжесинде тармақта жумыс алып барып атырған кәрханалардың саны 150 ден асты.

Усы дәўирде жергиликли металл өнимлерин ислеп шығарыўдың жыллық көлеми 3 миллион тоннаға, баҳасы болса 23 триллион сумға жетти. Салыстырыў ушын 2016-жылы 1,5 триллион сумлық 800 мың тонна өним ислеп шығарылған.

Бурын тийкарынан қурылыс тараўы ушын металл прокат жеткерип берген тармақ бүгинги күнде машина қурылысы, электротехника, қорғаныў санааты ҳәм энергетика сыяқлы тез раўажланып атырған бағдарлар ушын 80 түрдеги жаңа өним ислеп шығармақта.

Президентимиз металлурглардың мийнети Жаңа Өзбекстанның заманагөй келбетин жаратыў, ири дөретиўшилик жумысларын әмелге асырыў ҳәм экономика тармақларын раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Елимиз экономикасын технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў, жалпы ишки өним көлемин 2030-жылға барып, 240 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.

Келеси бес жылда экономикаға 180 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў, 27 миллиард долларлық социаллық ҳәм өндирислик инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў, 800 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурыў режелестирилген.

Бундай үлкен шеклер металл өнимлерине болған талапты ҳәзиргиге салыстырғанда 1,5 есеге арттырады.

Усы мәниде, 5,5 мыңнан аслам татыў ҳәм пидайы мийнет жәмәәтине ийе Өзбекстан металлургия комбинатының айрықша орны бар екенлиги атап өтилди.

Жаңа Қуйыў-прокатлаў комплекси комбинатта энергия үнемлеўши технологиялар ҳәм санлы шешимлерди енгизиў, мийнет өнимдарлығын ҳәм өнимниң сапасын арттырыўда жаңа дәўирди баслап береди.

Бул комплекс елимизде ыссы прокатланған полат листлер ислеп шығарыў бойынша биринши жойбар сыпатында тарийхтан орын алады.

Оның иске қосылыўы нәтийжесинде жылына 8 триллион сумлық 1 миллион тонна ыссы прокатланған полат лист ислеп шығарылады. Ташкент ҳәм Самарқанд металлургия заводларының прокат листлерге болған талабы толық қапланады. Сондай-ақ, 1 мың 200 жоқары дәраматлы жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы комплексти қурыўда қатнасқан қурылысшы ҳәм инженерлерге, технолог ҳәм машинистлерге, жумысшы-хызметкерлерге, мийнет ветеранлары және сырт елли бирге ислесиўшилерге миннетдаршылық билдирди.

Салтанатлы мәресимде Өзбекстан металлургия комбинатын буннан былай да раўажландырыў бойынша келешектеги режелер де белгилеп берилди.

Комбинаттың шийки затқа болған талабын жергиликли ресурслар есабынан тәмийинлеў ең тийкарғы ўазыйпа болатуғыны атап өтилди. Елимиз аймақларында 1,5 миллиард тонна темир рудасының резерви бар.

Жақын үш-төрт жылда “Тебинбулақ” кәнин иске қосыў арқалы жылына 1 миллион тонна полат ислеп шығарыў режелестирилген.

“Сурун-ата” кәниндеги рудаларды байытыў нәтийжесинде болса жылына 600 мың тонна темир шийки затын алыў жолға қойылады. Бул шийки затты қайта ислеў ушын комбинатта баҳасы 180 миллион долларлық заманагөй металлургия заводының қурылысы басланады.

Келеси үш жылда 30 миллион доллар инвестиция есабынан полат шарлар ислеп шығарыў линиялары басқышпа-басқыш модернизацияланып, олардың қуўатлылығы 250 мың тоннадан 500 мың тоннаға шекем арттырылады.

Усы жылдың өзинде бул санаат паркинде үлкен диаметрли қубырлар, көтерме кранлар ҳәм фильтрлеў үскенелерин ислеп шығарыў бойынша улыўма баҳасы 70 миллион доллар болған 6 жойбар басланады. Олардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде және 660 жоқары дәраматлы жумыс орны жаратылады.

Президентимиз металлургия аўыр, бирақ мақтанышлы тараў екенин атап өтип, комбинат жумысшы-хызметкерлериниң машақатлы ҳәм пидәкерлик мийнети жоқары ҳүрмет және мақтаўға ылайық екенин атап өтти.

Дерлик бир әсирлик тарийхқа ийе комбинатта устаз-шәкирт дәстүри тийкарында жумыс алып барып атырған қәнигелердиң билими, тәжирийбеси ҳәм кәсиплик потенциалы көплеген мийнет жәмәәтлери ушын ҳақыйқый үлги екени атап өтилди.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, Қуйыў-прокатлаў комплексиниң жумысына старт берди.

Тараў ветеранлары, комбинат хызметкерлери ҳәм сырт елли бирге ислесиўшилер менен сөйлести.

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан металлургия комбинаты Қуйыў-прокатлаў комплексиниң бирден-бир басқарыў пульти арқалы металды прокатлаў процесслерин көзден өткерди.

Соңғы жыллары комбинатты модернизациялаў ҳәм оның өндирислик потенциалын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Нәтийжеде комбинаттың сап пайдасы 2017-жылдағы 14 миллион доллардан 2025-жылға келип, 23 миллион долларға жеткен.

Мәмлекетимиз басшысы 2018-жыл 29-август күни Бекободқа сапары ўақтында Қуйыў-прокатлаў комплексиниң қурылыс жойбарына тырнақ тасын қойған еди.

Жойбардың улыўма баҳасы 839 миллион долларды қурайды. 18 гектар майданда қурылған бул стратегиялық әҳмийетке ийе комплекс елимизде металл өнимлерине болған талапты қанаатландырыўға хызмет етеди.

Бул жерде өним ислеп шығарыў көлемин 2 миллион тоннаға жеткериў, қосымша түрде 1,04 миллион тонна орамлы полат лист прокатын ислеп шығарыў ҳәм комбинаттағы жәми жумыс орынларын 7 мыңға жеткериў режелестирилген.

Комплексте Италияның “Danieli” компаниясының тәжирийбеси тийкарында биринши мәрте үзликсиз полат қуйыў үскенеси басқа да барлық технологиялық үскенелер менен интеграцияланып, бирден-бир басқарыў пульти арқалы басқарылмақта.

Алдынғы технологияларда 4-5 басқарыў пульти пайдаланылған ҳәм оларда 9 хызметкер мийнет еткен болса, бүгинги күнде бирден-бир басқарыў системасы арқалы процессти тек ғана 3 қәниге қадағалап атыр.

Президентимиз бирден-бир басқарыў системасына жасалма интеллект технологияларын енгизип, комплекстиң турақлылығы ҳәм экономикалық нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў зәрүрлигин атап өтти.

Үскенелердиң қәўипсизлиги ҳәм оперативлиги бойынша бул комплекс Орайлық Азияда уқсасы жоқ жойбар болып есапланады. Атап айтқанда, өндирис процесин тоқтатпастан инсан факторының қатнасыўысыз тийкарғы валларды бурынғы 30-40 минуттың орнына тек ғана 5-7 минутта автоматикалық түрде алмастырыў имканияты жаратылған.

Президентимиз лист прокатынан таярланған өнимлердиң үлгилерин де көзден өткерди.

Жуўапкерлердиң мәлимлемелери де тыңланды. Атап айтқанда, ыссы прокатланған лист өнимлери қосымша қун шынжыры, республикада өндиристи өзлестириў усыныс етилетуғын өнимлер ҳаққында мәлимлеме берилди.

Қурылыста арматура өниминиң айланысын тәртипке салыў, қурылыс объектлеринде қара металл прокатының қолланылыўы үстинен қадағалаў ҳәм сейсмикалық қәўипти азайтыў бойынша әмелий жумыслар түсиндирилди.

Бул жерде Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан металлургия комбинатында қара металлургия санаатын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы қара металлургия қурылыс, қурылыс материаллары, автомобиль қурылысы, машина қурылысы, энергетика ҳәм электротехника сыяқлы жәми 50 миллиард долларлық экономика тармақлары ушын тийкарғы шийки затлардан бири екенин атап өтти.

Экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткерип, жалпы ишки өнимди 2030-жылы 240 миллиард долларға жеткериў ушын жылына кеминде 8-9 процентлик өсиўди тәмийинлеў зәрүр. Бул процессте металлургия санааты турақлы шийки зат базасы, бәсекиге шыдамлы өним ҳәм заманагөй технологияларға сүйениўи шәрт.

Соның менен бирге, тараўда импортқа байланыслылық, өзине түсер баҳасы ҳәм энергияның жумсалыўының жоқарылығы, санластырыў ҳәм жасалма интеллектти енгизиў бойынша нәтийжелер жетерли емес екенлиги көрсетип өтилди. Дүньядағы келиспеўшиликлер ҳәм тийкарғы транспорт коридорларындағы логистика машқалалары шараятында мине усы мәселелер және де айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Соңғы он жылда елимизде полат лист, сортлы прокат, қубырлар ҳәм металл конструкцияларға талап 3 есеге артып, 5,5 миллион тоннаға жетти. Жаңадан қурылып атырған атом электр станциясы, Төртинши мыс байытыў фабрикасы ҳәм жаңа мыс еритиў заводының өзине 2,5 миллион тоннаға шамалас полат лист ҳәм арматура керек болады.

Келеси бес жылда 180 миллиард доллар муғдарында жаңа қуўатлықлар иске қосылады, 27 миллиард доллар муғдарында инфраструктуралық жойбарлар әмелге асырылып, 800 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурылады. Соның нәтийжесинде металл өнимлерине жыллық талап 2030-жылға шекем 1,5 есеге көбейип, 8 миллион тоннадан артады.

Бүгинги күнде Бекобод металлургия комбинаты металл прокатының 40 процентин екилемши металлдан, 60 процентин импорт есабынан ислеп шығармақта. Республика бойынша ҳәр жылы 700 мың тонна қара металлом комбинатқа тапсырылып атырған болса да, және 500 мың тонна металлом жасырын айланыста қалмақта.

Сонлықтан, қара металл айланысы менен байланыслы барлық процесслер электрон платформа арқалы реал ўақыт режиминде мониторинг етиледи. Тараўда саламат бәсеки орталығын ҳәм баҳаның турақлылығын тәмийинлеў, тәсиршең қадағалаў механизмлерин орнатыў ушын Ҳүкиметте өз алдына Жойбарлаў офиси шөлкемлестириледи. 1-августтан “Е-лом” электрон платформасын иске қосып, қара металл айланысын қадағалаўға алыў тапсырылды.

Елимизде 1,5 миллиард тонна темир рудасы резерви бар. “Сурун-ата” кәнинен жылына 650 мың тонна темир шийки затын алыў бойынша қытайлы шериклер менен келисимге ерисилген. Сондай-ақ, “Тебинбулақ” кәнин иске қосыў арқалы жылына 1 миллион тонна полат ислеп шығарыў имканияты жаратылатуғыны, Тәжикстан металлургия комбинатынан жылына 700 мың тонна темир шийки затын алып келиў бойынша шәртнаманы рәсмийлестириўди тезлетиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Ири жеке меншик кәрханалар геологиялық-излеў жумыслары, кәнлерден шийки зат қазып алыў ҳәм таяр өнимге шекемги толық технологиялық шынжырды шөлкемлестириўге таяр екени атап өтилип, буның ушын оларға шараят жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы темирдиң сапасын арттырыў ушын марганец ҳәм ферросилиций шийки затына да талап артатуғынын атап өтти. Жуўапкерлерге перспективалы майданларды жасалма интеллект жәрдеминде таллап, темир ҳәм оны байытыўға зәрүр минераллар резервин көбейтиў бойынша геологиялық бағдарламасын ислеп шығыў тапсырылды.

Металлургия тараўында 150 ге шамалас орта ҳәм киши жеке меншик кәрханалар жумыс алып бармақта. Оларды шийки зат пенен турақлы тәмийинлеў мақсетинде шеттен шийки затты орайласқан ҳалда алып келиў бойынша өз алдына компания шөлкемлестириледи. Бул компанияға 200 миллион доллар ажыратылады, импорт шийки зат тек ғана биржа арқалы сатылады.

Мәжилисте металл өнимлериниң ассортиментин кеңейтиў, ири комбинатлар ҳәм жеке меншик кәрханалар арасында кооперацияны күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Бүгин иске қосылған Қуйыў-прокатлаў комплекси есабынан автомобиль қурылысы, арнаўлы транспорт, технологиялық үскенелер, турмыслық ҳәм аўыл хожалығы техникалары, қурылыс материаллары тараўларында 1,5 миллиард долларлық өнимлерди өзимизде ислеп шығарыў имканияты жаратылмақта.

Жуўапкерлерге тигиссиз труба, суўық прокат, металлды 3D  усылда басып шығарыў ҳәм жоқары анықлықта қайта ислеў бойынша жойбарлар топламын таярлаў тапсырылды.

Бекобод металлургия комбинатындағы 90 гектар майданда таяр инфраструктураға ийе “Өзбекстан экологиялық технологиялар санаат парки” шөлкемлестириледи. Ол жерде қара металлар бойынша R&D орайы ҳәм халықаралық сертификат беретуғын заманагөй лаборатория иске қосылады.

Сондай-ақ, Самарқанд, Жиззақ, Наманган ҳәм Сырдәрьядағы ири металлургия кәрханалары әтирапында жәми 100 миллион долларлық кооперация жойбарларының бағдарламасын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Бул аймақларда қосымша қун шынжырын кеңейтиў ҳәм жаңа өнимлерди локализациялаўға хызмет етеди.

Мәжилисте металлургия санаатында санластырыў ҳәм жасалма интеллектти енгизиў мәселеси де додаланды. Алмалық кән-металлургия комбинатында жасалма интеллект арқалы операциялық қәрежетлер, өзине түсер баҳасы ҳәм энергия жумсалыўын азайтыў, мийнет өнимдарлығын арттырыў бойынша нәтийжелер бар екенлиги атап өтилди.

Металлургия кәрханаларында жасалма интеллект ҳәм санластырыў арқалы үскенелерден пайдаланыў нәтийжелилигин 20 процентке арттырыў, өзине түсер баҳасын 10 процент, энергия жумсалыўын 15 процент, техникалық хызмет көрсетиў қәрежети ҳәм технологиялық үзилислерди 20 процентке қысқартыў бойынша бағдарлама ислеп шығылады.

Металлургия санаатына “ақыл орайы” сыпатында Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы белгиленди. Сондай-ақ, тараўға Наўайы ҳәм Алмалық кән-металлургия комбинатларының илимий орайлары, Өзбекстан технологиялық металлар комбинатының “Өзбекстан – Корея” илимий-технологиялық орайы, Ташкент мәмлекетлик техника университети, Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети, Алмалық мәмлекетлик техника институты және “Москва полат ҳәм араласпалар институты”ның Алмалық филиалы бириктирилди.

Бул илимий мәкемелер ҳәм жоқары оқыў орынлары жаңа түрдеги материалларға талапты, оны қаплаў ушын қайсы аймақта қандай жойбар ислеў ҳәм қандай технологиядан пайдаланыў зәрүр екенлигин, қайсы бағдарларда кадрлар таярлаў керек екенлигин таллайды. Ҳәр бир аймақ кесиминде бир жыллық, үш жыллық ҳәм бес жыллық бағдарламалар ислеп шығылады.

Жаңа оқыў жылынан Бекобод комбинатында қара металлургия бойынша кафедра ашылып, дуал билимлендириў жолға қойылады.

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайына металлургия тараўындағы машқалаларды бир жерге жәмлейтуғын санлы платформаны иске қосыў тапсырылды. Илимий қолланбаларды қаржыландырыў ҳәм әмелиятқа енгизиў бойынша венчур фонд шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда “технологиялық секириў” ислеў зәрүрлигин атап өтип, қара металлургияда шийки зат базасын кеңейтиў, импортқа байланыслылықты азайтыў, санластырыў ҳәм жасалма интеллектти кеңнен енгизиў, жаңа өнимлерди локализациялаў ҳәм жеке меншик сектор менен кооперацияны күшейтиўди тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгилеп берди.

Мәжилисте тараў жуўапкерлери ҳәм аймақлар басшыларының есабатлары тыңланды.

Президент Шавкат Мирзиёев Бекобод қаласына сапары даўамында “Хос ёз” каналының бойы ҳәм Дослық мәҳәллесинде әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслары менен де танысты.

Бир ўақытлары итибардан шетте қалған, қараўсыз ҳәм тәртипсиз болған “Хос ёз” каналының бойы бүгин қаланың ең гөззал мүйешине айланды. Енди мәҳәллелер жанында барлық қолайлықларға ийе заманагөй экологиялық мәкан пайда болды.

Аймақты комплексли раўажландырыў бойынша мастер-реже шеңберинде 3 километр узынлықта арнаўлы пиядалар жолы ҳәм 5,4 километрлик беккем тосықлар қурылды, 2 көпир бой тикледи. Сондай-ақ, жойбар нәтийжесинде жағалық бойында 27 жаңа саўда ҳәм заманагөй хызмет көрсетиў объекти шөлкемлестирилип, 167 жаңа турақлы жумыс орны жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде спорт пенен шуғылланып атырған жаслар менен сәўбетлести.

Дослық мәҳәллеси аймағы ҳәзир 28 гектарды қурайды. Бул жерде 33 көп қабатлы турақ жай, жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, футбол майданы, 16 спорт ҳәм балалар майданшалары және китапхана бар.

Усы жылы исбилерменлер тәрепинен 1,1 миллиард сум инвестиция киргизилип, 10 хызмет көрсетиў объекти ҳәм 1 улыўма аўқатланыў шақапшасы шөлкемлестирилди. Нәтийжеде 25 жаңа жумыс орны жаратылды. Сондай-ақ, интакерлердиң қаржылары есабынан “Ўатан пидайысы бағы” да қурылды. Онда әскерий-техника үлгилери орнатылып, хызмет көрсетиў объектлери қурылды.

“Басламалы бюджет” қаржылары есабынан мәҳәлле аймағында Бекобод қаласы музейи шөлкемлестирилди. Мәҳәлледе нураныйлар ҳәм мийнет ветеранларының дем алыўы, ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери және руўхый-ағартыўшылық илажлар өткериў ушын ағаш конструкциялы жазғы ылашық бой тикледи.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледеги қурылыс жумысларын көзден өткерип, халық ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Мәҳәлле белсендилери ҳәм мийнет ветеранлары менен қызғын сөйлести.

– Барлық әмелге асырып атырған жумысларымыз, қурылып атырған объектлеримиз ҳәм жойбарларымыз, бәринен бурын, халыққа хызмет етиўи, адамлардың турмысын жақсылаўы керек. Адамлар өз мәҳәллесинде, қаласында болып атырған өзгерислерди сезиўи, олардың нәтийжесин күнделикли турмысында көриўи керек.

Ҳәр сапары аймақларға келгенимизде адамлар Жаңа Өзбекстан реформаларының нәпесин, оның жаңаланыў ҳәм раўажланыў самалын сезиўи зәрүр. Бекобод қаласы да өзиниң мийнеткеш ҳәм пидайы халқы, қәбилетли жаслары, турмыслық тәжирийбеге ийе нураныйлары менен және де абат ҳәм раўажланған орынға айланыўы керек.

Биз жасларымыздың арзыў-нийетлери, нуранийларымыздың жақсы нийет ҳәм мақсетлери әмелге асыўы ушын барлық имканиятларды жумсаймыз, – деди Президентимиз.

Соның менен Президентимиздиң Бекободқа сапары жуўмақланды.

ӨзА