Тбилиси НАТО саммити қатнасыўшылары дизиминен орын алмады

29

Грузия биринши мәрте Арқа Атлантика шәртнамасы шөлкеми (НАТО) саммити рәсмий бағдарламасына киргизилмегени мәмлекетте кескин сиясий тартысларға себеп болды.

Алдынғы ушырасыўларда Украина, Япония, Қубла Корея, Австралия, Жаңа Зеландия, Қатар ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери сыяқлы бирге ислесиўши мәмлекетлер мирәт етилген болса, бул рет Тбилиси қатнасыўшылар дизиминен орын алмаған. Бул жағдай айырым сиясатшылар ҳәм экспертлер тәрепинен үлкениң халықаралық майданда жеккеленип атырғаны сыпатында баҳаланбақта.

Ҳүкимран “Грузин әрманы” партиясының ўәкиллери болса бундай сынларды бийкарламақта. Оларға бола, быйылғы саммит форматы алдынғылары сыяқлы шерик мәмлекетлердиң қатнасыўын нәзерде тутпаған. Соның менен бирге, Грузия сыртқы ислер министри Мака Бочоришвили Түркияда өткерилген  “Allies in Ankara” форумында қатнасқанын атап өтти.

Оппозиция ҳәм сиясий аналитиклердиң пикиринше, рәсмий Тбилисидиң саммиттен шетте қалыўы республиканың Батыс пенен қатнасықлары суўып баратырғанының гезектеги белгиси есапланады. Бурынғы елши Леван Долидзе Грузия алдын НАТОның ең жақын шериклеринен бири болғанын, ҳәзир болса Европа Аўқамы ҳәм Альянс шеңбериндеги әҳмийетли додалаўлардан шетлеп баратырғанын атап өтти.

Сиясаттаныўшы Паата Закареишвили болса бул жағдайды бирге ислесиўши мәмлекетлердиң исеними төменлегени менен түсиндирди.

Соңғы жыллары Грузияның ЕА менен қатнасықлары да қыйынласты. 2023-жылы мәмлекетке структураға талабан статусы берилген болса да, кейин ала қабыл етилген “сыртқы тәсир ҳаққындағы нызам” артынан Брюссель ағзалық сөйлесиўлерин тоқтатып, финанслық жәрдемди қысқартты.

Соған қарамастан, Грузия бас министри Ираклий Кобахидзе рәсмий Тбилисиниң Европа ҳәм евроатлантикалық интеграция жолы өзгермегенин, мәмлекет транспорт ҳәм энергетика жойбарлары арқалы региондағы стратегиялық әҳмийетин сақлап қалып атырғанын атап келмекте.

Мусулмон Зиё, ӨзА