Жоқары суд: Өзбекстан Ҳаял судьялар ассоциациясының жумысы рәсмий жолға қойылды

Жоқарғы судта “Сөйлесиўден нәтийжеге, тәжирийбеден әдил судлаўға” сүрени астында Өзбекстан Ҳаял-қызлар судьялар ассоциациясы жумысының рәсмий түрде жумыс баслаўы мүнәсибети менен халықаралық дөгерек сәўбети болып өтти.
Жоқарғы суд баслығы Робахон Маҳмудова елимиз суд системасы турмысында әҳмийетли институционаллық ўақыя – Өзбекстан Ҳаял судьялар ассоциациясының жумысы рәсмий жолға қойылып атырғанын атап өтти.
Атап өтилгениндей, бул баслама төрт жыл алдын Халықаралық ҳаял судьялар күнине бағышланған конференцияда алға қойылған болып, бүгин әмелде жүзеге шықты. Бул елимизде суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған избе-из реформалар, гендер теңликти тәмийинлеўге қаратылған мәмлекетлик сиясат ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжеси екени атап өтилди.
Әнжуманда гендер теңлиги суд системасының сапасы жәмийетшиликтиң исеними ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигиниң әҳмийетли факторы екени атап өтилди. Сондай-ақ, Ассоциация ҳаял судьялардың кәсиплик ҳәм жетекшилик потенциалын арттырыў, устаз-шәкирт дәстүрлерин раўажландырыў, жас ҳуқықтаныўшы қызларды қоллап-қуўатлаў гендерге бейим суд әмелиятын жетилистириў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан ҳәм сырт мәмлекетлердиң суд системасы ўәкиллери, халықаралық шөлкемлер, мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары, дипломатиялық корпус және миллий ҳәм халықаралық экспертлер қатнасты.
Додалаўларда гендер теңлик стандартларын миллий нызамшылық ҳәм суд әмелиятына енгизиў, ҳаял-қызлар ҳәм халықтың жәрдемге мүтәж қатламлары ушын әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм суд ҳәкимиятына жәмийетшиликтиң исенимин беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Қатнасыўшылар гендерге бейим суд системасын қәлиплестириў бойынша халықаралық алдынғы тәжирийбелер бойынша пикир алысып, тараўдағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм узақ мүддетли стратегиялық усыныслар ислеп шығыў бойынша келисимге еристи.
Мағлыўмат орнында, Өзбекстан Ҳаял судьялар ассоциациясы мәмлекет суд системасында гендер теңлик ҳәм инклюзив қатнасларды раўажландырыў мақсетинде усы жылдың март айында шөлкемлестирилген.
Н.Абдураимова, ӨзА