Тест сынақлары өткерилетуғын сәнелер белгиленди

2026-2027-оқыў жылында мәмлекетлик жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары 14-июльден 23-июльге шекем (10 күн) болып өтеди.
Тест сынақлары күнине 2 сменада шөлкемлестириледи. 1-смена саат 08:00 де, 2-смена болса 15:00 де басланады. Абитуриентлер тест сынақлары басланыўынан кеминде бир ярым саат алдын белгиленген аймаққа жетип келиўи талап етиледи.
Тест сынақларында қатнасыў ушын онлайн дизимнен өткен абитуриентлерге “Абитуриент руқсатнамасы” my.uzbmb.uz сайты арқалы берилмекте. Абитуриентлерден өзлерине тийисли руқсатнаманы жүклеп алыўы ҳәм басып шығарып қойыўы соралады.
Абитуриентлер руқсатнамада көрсетилген мәнзилдеги имаратта, белгиленген сәне ҳәм сменада тест сынақларында қатнасады. Басқа аймақ, күн ямаса сменада тест тапсырыўға руқсат берилмейди.
Тест сынағына келиўшилер паспорт (ID-карта) ҳәм абитуриент руқсатнамасы менен, белгиленген ўақыттан кешикпей келиўи керек.
Паспорт нусқасы ямаса басқа да ҳүжжетлер менен келген, сондай-ақ, кешиккен абитуриентлер тест сынақларына киргизилмейди.
Барлық абитуриентлер руқсатнамаларын өз ўақтында жүклеп алыўы керек.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА