Жәзийрама ыссыдан қалай сақланыў керек?

19

Жаздың ыссы күнлери басланғаннан соң, жоқары температура көпшилик ушын ҳақыйқый сынаққа айланды. Ыссы ҳаўа-райы ақыбетинде инсанларда жүрек-қан тамыр кеселликлери аўырласыўы, инфарктқа ушыраўы ямаса өкпе исиниўи сыяқлы басқа да аўыр машқалаларға дус келиўи ҳәм бул өлимге шекем алып барыўы да мүмкин.

                 Организмниң қызып кетиўине қалай жол қоймаў керек?

  • Максимал дәрежеде жоқары температура бақланып атырған күнлерде саат 12:00 ден 16:00 ге шекем көшеге шығыў усыныс етилмейди. Егер көшеге шықсаңыз да саялы тәрепте болыўыңыз усыныс етиледи.
  • Егер жабық жерде, яғный бөлмеде болсаңыз, әлбетте бөлмеде ҳаўа айланыўына шараят жаратың – терезелерди ашың, имканияты болса, вентильятор ямаса кондиционерди жағып қойың.
  • Ыссыда көшеге шыққанда тәбийий гезлемеден тигилген ашық реңдеги ҳәм жеңил кийим кийиў керек болады. Сондай-ақ, бас кийимнен (жазғы шляпа, кепка, панама ҳәм басқалар), қуяш нурларынан сақлаўшы көз әйнеклер ҳәм зонтиклерден пайдаланыў усыныс етиледи.
  • Көбирек суйықлық: суў, шай, салқын ишимликлер ишиў усыныс етиледи. Алкоголь ишимликлер, сондай-ақ, қурамында көп муғдарда қант, кофеинли ишимликлер, энергетиклерди ишиў усыныс етилмейди. Денедеги суйықлық муғдарын нормада сақлаў ушын суткасына 2,5−3 литр суў ишиў керек болады. Ыссы көк шай (қантсыз) шөлди басқа ишимликлерге қарағанда жақсырақ басады.
  • Күн даўамында илажы барынша ыссы ямаса салқын ванна қабыл етиў усыныс етиледи.
  • Егер жумыс қала бойлап ҳәрекетлениўди талап етилсе, салқынлаў ушын дүканларға ямаса басқа кондиционерли аймақларға ўақтынша кириў усыныс етиледи. Ыссы ҳаўада жаныңызда бир шийше суў алып жүргениңиз мақул.

              Организм қызып кеткен болса, не ислеў керек?

Организмниң қызып кетиўи, әдетте, төмендеги себеплерге алып келеди:

  • Күшли бас аўырыўы;
  • Ҳәлсизлик;
  • Өзин жаман сезиў;
  • Ҳәрекет координациясының бузылыўы;
  • Тахикардия.
  • Дем алыўдың қыйынласыўы;
  • Дизимге алыў жағдайлары;
  • Жоқары дене температурасының бақланыўы (39 градусқа шекем);
  • Есинен танып қалыў жағдайлары.

Егер сиз яки сизин қасыңыздағы адам өзин жаман сезе басласа, дәрҳал төмендеги шараларды қолланыў керек:

  • Барлық шаршаўшы ҳәрекетлерди тоқтатыў;
  • Қуяш нуры тиккелей түсетуғын жерден қашыў – саяға өтиў ямаса салқынырақ жерге кириў;
  • Бас кийим ҳәм үстки кийимди шешиў;
  • Денени суўытыўға ҳәрекет етиў: бас ҳәм мойынға суўық салфеткалар қойыў, оларды тез-тез алмастырыў; аяқ-қолларға суўық компресслерди қолланыў нәтийжели болады;
  • Суйықлық ҳәм минерал дузлар муғдарын толтырыў, аз муғдарда суйықлық қабыллаў: бир ишиўге 100 мл ден көп болмаған суў (оған азғана дуз қосыў мүмкин) ишиў усыныс етиледи;

Имканияты болса, аяқларды 10−20 см бийикликке көтерген ҳалда, тыныш жағдайда жатың.

Егер бул илажлар ярым саат ишинде жағдайды жақсыламаса ямаса жәбирлениўши есинен танып қалса, дәрҳал медициналық жәрдемге мүрәжат етиў керек. Ҳәр қандай қадағалаўсыз гипертермия (дене температурасының көтерилиўи) қыстаўлы медициналық жәрдемди талап етеди.

    Ыссыда үйде қалайынша  кондиционерсиз жан сақлаў мүмкин?

Ыссы ҳаўа-райы бақланатуғын күнлер даўамында ҳәттеки үйде де қыйыншылық, уйқылай алмаў ҳәм басқа да ақыбетлерге дус келиў мүмкин. Әсиресе, егер үйде кондиционер болмаса, онда үйде салқынлықты сақлаў ушын қосымша илажлар талап етиледи. Бунда, төмендегилерди орынлаў усыныс етиледи:

Бөлмеге түсетуғын жақтылық муғдарын шеклең. Буның ушын перделер ямаса қалың перделери жүдә қолай келеди. Перделерди ерте таңнан қуяш батқанша жабық ҳалда сақлаў ҳәм түнде ашыў усыныс етиледи.

Электр үскенелерин өшириң. Ҳәммемиз билемиз, электр тармағына жалғанған ҳәр қандай үскене өзинен ыссылық шығарады. Квартирадағы температураны көтермеў ушын пайдаланылмай атырған үскенелерди өширип қойыў керек болады. Буннан тысқары, ыссы күнде, отта ямаса пеште аўқат писирмегениңиз мақул.

Өжирени керекли ўақытта самаллатып турың. Көпшилик бөлме терезелерин күни менен ашық қалдырыўды мәсләҳәт береди. Бирақ тәжирийбе соны көрсетеди, ең ыссы ўақытта (12:00 ден 16:00 ге шекем) айналарыңызды ашық қалдырмағаныңыз мақул. Күнниң ыссысында айнаны ашық қалдырып, сиз үйиңизге қызып кеткен ҳаўаны киргизесиз, бул болса температураның және де артыўына алып келеди. Соның ушын, квартира айналарын түнде (оптимал түрде саат 2:00 ден азанғы 5−6 ға шекем) ҳәм кешки 16:00 ден кейин ашыў усыныс етиледи.

Үйдеги ығаллық дәрежесин бақлаң. Ыссы ўақытта үйдеги ығаллық дәрежеси үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын, полды тез-тез сыпырып турың ямаса күнине бир неше мәрте пульверизатор арқалы салқын суў сеўип турың. Суў көрпешеде оранып жатыў усыныс етилмейди. Бул аязлаў ҳәм сол сыяқлы басқа кеселликлердиң пайда болыўына алып келиўи мүмкин.

Вентилятордан пайдаланың. Үйлерде вентиляторлар кондиционерлерге қарағанда көбирек ушырасады.  Вентилятор алдына бир шийше ямаса шелек суўық (ямаса музлатылған) суўды да қойыўыңыз мүмкин – бул бөлмени тезирек суўытыўға жәрдем береди.

Өзиңизди өсимликлер менен орап алың. Егер үйиңизде кишкене болса да ашық жер, терраса, балкон ямаса бағ болса (әсиресе үйдиң қуяшқа ең көп тәсир ететуғын бөлиминде), оны өсимликлер менен толтырың. Олар ыссыдан қорғаў сыпатында хызмет етеди.

                     Түнги ыссыда қалай уйықлаў мүмкин?

Үйде ҳәм көшеде бақланатуғын жазғы ыссы уйқылаўға кесент етиўи, уйықлағанда да тойып уйқылаўға имкан бермеўи мүмкин. Сомнологлар жаздың ыссысында уйқыны жақсылаў ушын бир неше усыныслар берген:

  • Простинялар тәбийий гезлемеден, яғный пахтадан таярланған болыўы керек.
  • Жатыўдан алдын салқын душ қабыл етиң. Бул дене температурасын төменлетеди ҳәм қолайлырақ уйқылаўға жәрдем береди.
  • Көпшик те әҳмийетке ийе – көпшик өзиңиз ушын қолайлы ҳәм ҳаўаны жақсы вентиляциялайтуғын болғаны мақул. Сондай-ақ, көпшик простынясы да жипектен болса уйқылаў ушын қолайлы болады. Жипек тәбийғый температура регуляторы болып есапланады, соның ушын көпшик жипек пенен қапланған болса, бас териси ҳәм бет аңсат “дем алады” ҳәм ыссылық онша сезилмейди.
  • Жумысқа ямаса жумыслар менен сыртқа шығыў алдынан терезелерди жабың, сонда күн даўамында бөлме температурасы қызып кетпейди ҳәм сиз салқынлаў бөлмеде уйқылайсиз. Бирақ оянғаннан соң, биринши гезекте перделерди ашың. Денеңиз қуяш нурларынан қымбатлы Д витаминин алыўына имкан бериң, бул серотонин дәрежесин арттырады ҳәм кейпиятыңызды жақсылайды.

Ыссы ҳаўа райы шараятында спорт пенен қалай шуғылланыў керек?

Егер сиз турақлы түрде көшеде шынығыў ислеўге, жуўырыўға әдетленген болсаңыз, ыссыда шараяттың өзгериўин есапқа алыўыңыз ҳәм оған көнлигиўиңиз керек болады. 30−35 градус ыссы қәлеген физикалық ҳәрекетлерди қәўипли етип қояды. Жүрекке аўырлық түседи, денениң қызып кетиўи ҳәм қуяш урыўы қәўпи пайда болады, соның ушын ҳаўа температурасын да есапқа алыў ҳәм шынығыўлар ушын дурыс ўақыт таңлаў керек болады.

Азанда аўыр шынығыўлар ислеў ямаса жуўырыў усыныс етилмейди, себеби бул ўақытта организмде қан айланыўы төмен болады. Егер кеште шынығыў ислеў имканияты болмаса, азанда шынығыў ислеў мүмкин, бирақ тек ояныўдан 1−2 саат өткеннен кейин. Сондай-ақ, бунда азанғы ҳаўа температурасы 30 градус жыллыдан жоқары болмаўы керек. Әсиресе, ыссыда шынығыўда бул тәреплерге гипертония ҳәм басқа да жүрек-қан тамыр кеселликлеринен және семизликтен азап шегетуғын инсанлар итибар бериўи керек. Бундай шараятта оларға аўыр болмаған, әпиўайы шынығыўларды орынлаў усыныс етиледи.

Ыссы шараятында есапқа алыў керек болған басқа усыныслар

Турақлы түрде қабыл ететуғын дәри-дәрмақларыңызды жаныңызда алып жүриўиңиз, улыўма, үйдеги дәри-дәрмақларды салқынлаў жерде сақлаў усыныс етиледи.

Майлы ҳәм гөшке бай аўқатларды бундай шараятта аз пайдаланыў керек болады.

Сондай-ақ, ыссыда аз муғдарда, тез-тез аўқатланыў усыныс етиледи. Тойып аўқатланыў, ыссы температурада организм ушын аўырлық етиўи мүмкин.

Ыссы ҳаўа райы шараятында илажы барынша аз шегиў (ямаса шекпеў) усыныс етиледи. Шегиў – организмниң қызып кетиўине себеп болады. Сондай-ақ, жаз мәўсиминде алкогольли ишимликлер пайдаланыў да жаман ақыбетлерге себеп болыўы мүмкин.

Улыўма, жәзийрама ыссы шараятында басты салқын сақлаў керек, яғный жабық орынларда болыў, қуяш нурлары астында көп қалып кетиўден сақланыў керек. Соның менен бирге, кондиционерден пайдаланыўда да абайлы болыў, температураны бирден ең төменги көрсеткишке түсирип жибериў усыныс етилмейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги