Тиркемелерди алып кириў ушын жеңилликлер енгизилди

30

Бажыхана басқармасы жүк тасыўшы тиркемелер (тягач) ҳәм ярым тиркемелердиң импорты ушын жеңилликлер енгизилди, деп хабар бермекте.

Атап айтқанда, 2027-жылдың 31-декабрине шекем жүк тасыў ушын мөлшерленген айырым автотранспорт қуралларын Өзбекстанға импорт етиўде бажыхана бажысы ҳәм утилизация жыйымы бойынша 0 ставка қолланылады.

Жеңилликлер төмендеги транспорт қуралларына қолланылады:

  • Ислеп шығарылғанына 5 жылдан аспаған бензин, дизель ҳәм электрде ҳәрекетленетуғын;
  • «EVRO-5» ҳәм оннан жоқары экологиялық талапларға жуўап беретуғын тиркемелер (TIF TN 8701 21, 8701 22, 8701 23, 8701 24);
  • Сондай-ақ, ярым тиркемелер; Толық салмағы 15 тоннадан аслам болған ямаса жүкханасының көлеми кеминде 76 м3 болған жағдайда (TIF TN 8716 39).

Егер бул транспорт қураллары импорт етилген сәнеден баслап 3 жыл ишинде қайта экспорт етилсе, берилген жеңилликлер бийкар етиледи ҳәм тийисли төлемлер өндириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги