Илҳам Алиев: Өзбекстан менен қатнасықларды раўажландырыў биз ушын тийкарғы мәселелерден бири. (+видео)

Әзербайжанның Шуша қаласында 13-14-июль күнлери IV Глобаллық медиафорум өткерилмекте. Форум темасы “Тынышлықты үгит-нәсиятлаўда медианың миссиясы: ҳақыйқатты тиклеў ҳәм тиклениў”. Онда 53 мәмлекеттен 160 қа шамалас медиа ўәкиллери, экспертлер ҳәм рәсмий шахслар қатнаспақта.
Форум шеңберинде Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев ҒХҚ ўәкиллери менен сөйлесиў өткерди. Ҳәм “Sevimli TV” журналисти Жаҳонгир Олимовтың сораўына жуўап берди.

Илҳам Алиев:
Өзбекстан ҳәм Әзербайжан байланысларының тийкарында дослық ҳәм туўысқанлық қатнасықларымыз жатады ҳәм ҳүрметли Президент Шавкат Мирзиёев пенен жеке дослығымыз бул қатнасықларды және де жоқары басқышқа көтерди.
Соны атап өтиў керек, Қарабағты тиклеўде бизге биринши болып Өзбекстан Президенти жәрдем қолын созды. Физулий қаласында Мырза Улығбек атындағы гөззал ҳәм ири мектеп қурылды ҳәм ҳүрметли мырза Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте биз бул мектептиң ашылыўын белгиледик. Оннан кейин басқа туўысқан мәмлекетлер де бизге саўғалар усынды – Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан, бирақ биринши жәрдем Өзбекстаннан келди.

Ҳәр сапары Өзбекстанда болғанымда, халықларымыз бир-бирине қаншелли жақын ҳәм байланыслы екенине және бир мәрте исеним пайда етемен. Жазба сөзлерди көргенде ҳеш қандай аўдармаға зәрүрлик қалмайды. Тиллеримиз де бир-бирине жүдә уқсас. Тәбийий айтылыўда бираз айырмашылық бар, бирақ принципиаллық жақтан ҳәммеси түсиникли.
Бизди оғада уллы тарийхый байланыслар бирлестирип турады. Өзбекстан менен қатнасықларды раўажландырыў биз ушын тийкарғы мәселелерден бири болып есапланады.
Соны да айтып өтиў керек, Өзбекстан өзиниң туўысқанлық миссиясын тек ғана мектеп пенен жуўмақлаған жоқ. Ханканди қаласындағы биринши ири санаат кәрханасы – тигиўшилик фабрикасы да әйне Өзбекстан инвестициясы есабынан ашылды ҳәм ҳүрметли Президент Мирзиёев пенен биргеликте биз бул фабрикаға бардық.
Көплеген экономикалық ҳәм санаат жойбарлары әмелге асырылмақта. Ҳәм Әзербайжан, ҳәм Өзбекстан инвестициялары киргизилмекте. Биз биргеликтеги инвестиция фондын шөлкемлестирдик. Баҳасы 500 миллион доллар болған бул инвестициялық фонд Өзбекстанда да, Әзербайжанда да ҳәр қыйлы жойбарларды турмысқа енгизиў менен шуғылланады. Ҳәзирги күнде Әзербайжанның “SOCAR” нефть компаниясы Өзбекстандағы оғада әҳмийетли газ кәнине инвестиция киргизген. Ҳәм умит етемен, жақын келешекте бизге жақсы хабар ҳәм қуўанышлы хабар жеткерип береди. Себеби бүгин энергия қәўипсизлиги мәселелери, әсиресе, газ тәмийнаты көплеген мәмлекетлер ушын оғада әҳмийетли. “Қустақ” кәниндеги излеў-излеў жумыслары унамлы нәтийже менен жуўмақланады, деп үмит етемен.
Әзербайжан – Орайлық Азия форматына келетуғын болсақ, бул жерде де Президент Мирзиёевтиң шексиз хызметлери ҳәм айрықша орны бар. Әзербайжан әллеқашан толық ҳуқықлы ағза сыпатында усы Мәсләҳәт кеңесине қосылды. Мен еки мәрте жоқары дәрежедеги ушырасыўларға (саммитлерге) ҳүрметли мийман сыпатында мирәт етилген едим. Соңғы мәрте болса енди Әзербайжан – Орайлық Азия бирден-бир мәсләҳәт кеңеси дүзилди. Ҳәм бул бизди жүдә толқынландырады, жүдә қуўандырады. Бул, айтыўым мүмкин, сийрек ушырасатуғын ўақыя. Себеби географиялық жақтан биз, дурыс, Қубла Кавказда жайласқанбыз. Бирақ мәдений, тарийхый, этникалық байланыслар соншелли күшли ҳәм сиясий қатнасықлар соншелли көп тәреплеме, бизге дос болған түркий тиллес мәмлекетлер бизди қабыл етиўге қарар етти. Ҳәм бул бүгинги күнде геосиясий ҳәм геоэкономикалық байланысларға да унамлы тәсир көрсетпекте.

Себеби, әмелде Орайлық Азия Әзербайжан менен бирден-бир экономикалық ҳәм сиясий мәканда бирлеспекте. Соның менен бирге, байланыслар, транспорт ҳәм логистика жойбарларын әмелге асырыў бағдарында буның әҳмийети оғада үлкен.
Әлбетте, Президент Шавкат Мирзиёевтиң узақты көре алыўы ҳәм стратегиялық көзқараслары бул жерде оғада әҳмийетли рол ойнады, деп айта аламан.
Пурсаттан пайдаланып, өзбек туўысқанларымызды ерискен барлық жетискенликлери мүнәсибети менен қутлықлайман. Мен Өзбекстанда тез-тез болып тураман. Сөзсиз, быйыл да бараман. Ҳәр сапары барғанымда жаңаланыўларды көрип, жүдә қуўанаман. Билемен, туўысқан өзбек халқы ҳәм мәмлекети Президент Мирзиёевтиң басшылығында табыслы ҳәм исенимли алға бармақта. Сизлерге де “Хош келдиңиз!” деймен.
ӨзА