Омбудсман ҳәм Конституциялық суд: мүрәжатларды көрип шығыўда бирге ислесиў күшейтиледи

Өзбекстан Конституциялық суды ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) менен “Пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыўда Омбудсман ҳәм Конституциялық судтың бирге ислесиўин күшейтиў” темасында конференция болып өтти.
Конституциялық суд баслығы М.Абдусаломов ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (Омбудсман) Ф.Эшматова кирис сөз бенен ашқан конференцияда пуқаралардың конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, мүрәжатларды көрип шығыў механизмлерин буннан былай да жетилистириў мәселесине итибар қаратылды. Бул бағдарда әмелий бирге ислесиўди беккемлеў, инсан ҳуқықларын қорғаў тараўындағы алдынғы тәжирийбелер додаланды.
Конституциялық судтың баслығы М.Абдусаломов Конституцияның үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықларын исенимли қорғаў ҳәм мүрәжатларда көтерилип атырған системалы мәселелерди ҳуқықый жақтан шешиўде Конституциялық суд ҳәм Омбудсман арасындағы бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Омбудсман Ф.Эшматова пуқаралардың мүрәжатлары мәмлекетлик уйымлардың жумысын жетилистириўге хызмет ететуғын әҳмийетли ҳуқықый дерек екенлигине, оларды терең таллаў арқалы нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын және де жетилистириў мүмкинлигине итибар қаратты.
Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында”ғы конституциялық нызамға муўапық Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болған субъектлер қатарында Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) де белгиленген.
Конституциялық қадағалаў субъекти сыпатында Омбудсман пуқаралардың мүрәжатларында көтерилген мәселелер, нызам ҳүжжетлерин әмелиятта қолланыў бойынша мәселелер киргизди ҳәм Конституциялық суд мәжилисинде көрип шығылды. Соңғы жыллары Конституциялық суд ҳәм Омбудсман менен биргеликте инсан ҳуқықларын қорғаў, коньституциялық қадағалаўды жетилистириў ҳәм Конституция нормаларын әмелиятқа нәтийжели енгизиўге бағышланған бир қатар илимий-әмелий конференциялар ҳәм дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилди. Омбудсман ҳәм оның ўәкиллери Конституциялық судтың ашық суд мәжилислеринде турақлы қатнасып келмекте.
Бундай бирге ислесиў тек ғана еки институт арасындағы өз-ара аўызбиршиликти беккемлеў емес, ал елимизде конституциялық нызамлылықты тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўға хызмет етпекте.
Конференция даўамында қатнасыўшылар Конституциялық суд ҳәм Омбудсман институтының өз-ара бирге ислесиўи, мүрәжатларды таллаў тийкарында конституциялық қадағалаў механизмлерин жетилистириў, ҳуқықты қолланыў әмелиятындағы машқалаларды анықлаў, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў ҳәм санлы технологиялардан пайдаланыў арқалы мүрәжатларды көрип шығыў нәтийжелилигин арттырыў мәселелери бойынша пикир алысты.
Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) арасында өз-ара бирге ислесиў ҳаққында Меморандумға қол қойылды.
Бул ҳүжжет Конституциялық суд ҳәм Омбудсман арасында пуқаралардың мүрәжатлары бойынша мәлимлеме алмасыўды және де системаластырыў, нызамшылықты жетилистириў бойынша биргеликтеги усыныслар ислеп шығыў, инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында биргеликте илимий-изертлеў алып барыў, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыўға қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Конституциялық суд судьялары, Омбудсман, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңеси, Адвокатлар палатасы ўәкиллери, илимпазлар ҳәм ғалаба хабар қураллары қатнасқан илаж жуўмағында Конституциялық суд ҳәм Омбудсман институтының тығыз бирге ислесиўи пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин және де исенимли қорғаў, Конституцияның үстинлигин тәмийинлеў және инсан мәплерин тәмийинлеўге қаратылған реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Н.Абдураимова, ӨзАның хабаршысы