Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

25

Пакистанның “Associated Press of Pakistan – APP”  мәлимлеме агентлиги елимизде биринши мәрте өткерилген I Халықаралық ислам цивилизациясы форумы ҳаққында аналитикалық мақала жәриялады.

Басылымның атап өтиўинше, форумда 50 ден аслам мәмлекеттен келген халықаралық шөлкемлердиң басшылары, министрлер, муфтийлер, илимпазлар ҳәм абырайлы илимий ҳәм мәдений мәкемелердиң ўәкиллери қатнасып, Өзбекстанның бул бағдардағы ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўшы мүрәжатты қабыл еткен.

Автордың жазыўынша, мүрәжатта Президент Шавкат Мирзиёевтиң тынышлық, кеңпейиллик, ағартыўшылық ҳәм халықаралық илимий бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған басламалары жоқары баҳаланған. Атап айтқанда, 2017-жылы БМШ Бас Ассамблеясының минберинен алға қойылған Ислам цивилизациясы орайын шөлкемлестириў идеясы соңғы он жыллықтағы ең әҳмийетли гуманитарлық басламалардан бири сыпатында тән алынғаны билдирилген.

Сондай-ақ, APP форум даўамында Ташкент, Самарқанд ҳәм Термиз қалаларының әсирлер даўамында ислам илиминиң ҳәм цивилизациясының ири орайлары сыпатындағы орны айрықша тән алынғанын атап өтеди. Басылымға бола, форум жуўмағында қабыл етилген декларация ҳәм “Жол картасы” ислам цивилизациясы мийрасын сақлаў, илимий изертлеў ҳәм халықаралық академиялық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ушын узақ мүддетли тийкар болып хызмет ететуғыны атап өтилген. Буннан тысқары, Ислам цивилизациясы бойынша Пүткил жер жүзилик альянсын шөлкемлестириў басламасы да алға қойылғаны мәлим етилген.

Ө.Алимов, ӨзА