Балалар өз анасына қайтарылды

Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судының 2026-жыл 15-июнь күнги орынлаў ҳүжжетине тийкарланып, жас өспирим үш перзентти жуўапкер Р.Т.дан анасы Г.А.ның тәрбиясына алып бериў белгиленген.
Бул орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Беруний районы бөлиминиң ис жүргизиўине келип түсип, бөлим хызметкерлери тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилди.
Атап айтқанда, орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бөлим хызметкерлери тәрепинен жуўапкер ҳәм даўагер усы жылдың 7-июль күни Бюроға шақырылып, жуўапкерге суд қарарының орынланыўы тәмийинлениўи керек екенлиги, оның орынланыўын тәмийинлемесе ақыбетлери ҳаққында толық түсиниклер берилди.
Соның нәтийжесинде, жуўапкер Мәжбүрий орынлаў бюросы Беруний районы бөлиминиң өзинде алып берилиўи керек болған балаларды ықтыярлы түрде анасының қушағына қайтарып, суд қарарының орынланыўын тәмийинледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги