Адам қолы менен гүл болған жерлер

Инсан өмиринде түрли сынақларды басынан кеширеди. Сабырыңды сынайтуғын ўақытлардан мәрдана өткен адам ғана мийнетиниң жемисин көретуғын бахытлы күнлерге жетиседи.
Бүгин үйиниң әтирапы жәннетмәкан көриниске ийе болған Камилжан атаның да бул дәрежеге жетисиўи бирден болмады. Буннан нешше жыллар бурын туўылып өскен үйи жанып кетип, төрт аға – ини үйсиз қалғанында олар ушын аўыр күнлер басланған еди. Мийнеттен қашпай, жер менен тиллескен Камилжан Алламбергенов өмириндеги бул сынақты мәрдана жеңип өте билди. Ҳүкиметлик жумыста ислеўи менен бирге өмирлик жолдасы Салима апа менен биргеликте ул-қызларын кәмалға келтирип, үй қапталындағы қыйтақ жерге егин егип, бағ жаратып бүгин елге белгили атақлы бағман болды. Ол бүгин шаңарағы менен биргеликте Хожели районындығы «Мустақиллик» АПЖда үй қаптылындағы қыйтақ жеринде баў–бақша, палыз өнимлери менен бирге ҳәрре бағып, пал өнимин де жетистирип келмекте.

Район орайынан оншелли узақ емес бул аўылда қыйтақ жерлерин гүллендирип қойған хожалықлар көпшиликти қурайды. Бирақ, солар арасында бүгин социаллық тармақта Нигора исмли қызы тәрепинен ашылған инстаграмм бетинде бир неше жазылыўшыларына ийе болған бағманның жетистирип атырған өнимлерин барып көргенимизде, гөззал көринистен көзимиз қуўанышқа бөленди.
Үй қапталындағы қыйтақ жеринде бир неше түрли баў-бақша өнимлерин жетистирип атырған дийқан атаның өнимлерин көрип таңланғанымызды жасыра алмадық. Шаңарақ ағзалары менен биргеликте бир гектар жерге егип қойған түрли мийўе -жемислери менен палыз егинлери писип, көздиң жаўын алып турғанлығы олардың мийнетлериниң жемиси, әлбетте.
– 2017-жылы ҳүрметли Президентимиз бенен ушырасыў бахты несип етти. Соннан кейин ҳүкиметимиз тәрепинен бағшылықты раўажландырыў бойынша жәрдем берилип, салықлардан жеңилликлер енгизилди. Сол ушырасыўдан соң өзимде тетиклик сезип, руўхый күш бағышлап жумысларым жүрисип кетти. Ўәлаятлардан барып мийўе нәллерин әкелип отырғыза басладым. Ҳәзир ҳәр түрли мийўелерден бағымыз гүллеп-жаснап тур. Үлкен балам шаңарақлық меҳрибанлық үйин ашып, ҳәзирги ўақытта он бир баланы қарамағымызға алғынбыз. Оларға бағымыздан жетистирген өнимлерди берип жиберип турмыз. Пал ҳәррешилиги менен де шуғылланып, пал өнимлерин жетистирип атырмыз. Мийўелерден тәбийий уксус ислеймен. Ерик қақлайман. Нәл жетистирип, сатамыз. Мал-ҳал бағамыз. Үйимизде қарап отырған адам жоқ. Таң азаннан ерте турып таза ҳаўада егинлердиң тәрбиясы менен шуғылланамыз. Дәраматымыз жақсы. Елимизде мийнет еткен адам жақсы жасап атыр. Исбилерменлик, фермерлик пенен шуғылланаман деген барлық имканиятлар бар. Тек ғана мийнет етип, ҳәрекеттен тоқтамаў керек, – дейди Камилжан ата.

Ҳақыйқатында да Камилжан атаның үй әтирапы алма, шабдал, ерик, алмурт, жүзим, қәрели, шийе сыяқлы бир-биринен татлы мийўе жемислери менен қаўын, ғарбыз, помидор, қыяр, баклажан, бурыш, асқабақ, палаўқабақ ҳәм басқа да палыз өнимлери олардың мийнетлериниң есесине мол өним берип, шаңарағына дәрамат киргизиўге тийкар болмақта. «Мийнет етсең еринбей, тояды қарның тиленбей», дегени усы екен-аў, дейсең олардың мол дастурханын, бахытлы турмысын көрип.
– Аллаға шүкир, усы мийнетлеримиздиң есесине перзентлеримизди оқыттық, үйли-жайлы еттик, тойлар бердик. Көклемзарлыққа бөленген, таза ҳаўалы үйимиздиң әтирапы бизге бәрқулла күш-жигер берип турады,-дейди Камилжан атаның өмирлик жолдасы Салима апа.
Шаңарақлық меҳрибанлық үйин ашып, қарамағына алған балалары, олар берген тәлим-тәрбиясынан нәтийже шығарып, еки баласы университеттиң юридика факультетине оқыўға кирди. Камилжан ата менен Салима апа ақлықлары менен қоса оларға да бәрқулла пәрмана.

Ериклерди қақлап, ҳәррелердиң ящиклерин жылыстырып, егинлерин жабайы шөплерден тазалап, мийўе нәллерин бир-бирине сабып, атыз суўғарып, қулласы жасы жетпистиң еңсесине минип турсы да тынып-тыншымайтуғын Камилжан ата енди үй қапталындағы төрт сотых жерге интенсив усылдағы ыссыхана жаратып, ол жерден цитрус мийўелерин жетистириўди нийет етпекте. Дийқан атаның жетистирген өнимлери Қазақстанға экспорт етилмекте. Сондай-ақ, мийўе нәллерин егиўге қызығатуғын жергиликли пуқаралар менен бирге ўәлаятлардан да келип, оның жетистирген мийўе нәллерин сатып алып кетеди.
Камилжан Алламбергеновтың бағшылықты раўажландырыўға қосып атырған мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, «Мийнеткеш дийқан» көкирек нышаны менен сыйлықланды.

-Биз алдағы ўақытларда бағман ата менен ўәлаятларға барып тәжирийбе алмасыўды ҳәм жасларды жәмлеп, оларға бағшылық сырларын үйретиў ушын әмелий көргизбелерди шөлкемлестириўди режелестирип атырмыз,-дейди «Мустақиллиқ» АПЖ дағы ҳәким жәрдемшиси Насиба Артикова.
Туў алыстан көзге тасланып, адам қолы менен жаралған гөззаллық, көклемзарлық, бағшылық бизде айрықша тәсир қалдырды. Бағларды көрип жүрмиз аўылларда. Бирақ, Камилжан атаның бағы бәри бир басқаша. Онда мийнеткеш инсанның төзимлилиги менен жетискен мийнетлери жемис бермекте.
Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги