Ыссы себепли Қарақалпақстанда бир қатар мәмлекетлик бақшалар жабылды

24

Ҳаўа температурасының кескин көтерилиўи мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы бир қатар мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысы ўақтынша тоқтатылатуғыны мәлим етилди.

Мәлим етилиўинше, қала ҳәм район ҳәкимлериниң қарарларына муўапық бақшалар төмендеги мүддетлерде жабылады:

– Нөкис қаласы – 13-18-июль;

– Әмиўдәрья районы – 13-15-июль;

– Беруний районы – 13-17-июль;

– Хожели районы – 13-18-июль;

– Тақыятас районы – 13-18-июль;

– Шоманай районы – 13-17-июль;

– Мойнақ районы – 13-17-июль;

– Қанлыкөл районы – 13-17-июль;

– Төрткүл районы – 13-17-июль.

Атап өтилиўинше, бул қарар балалардың саламатлығын ыссы ҳаўаның тәсиринен қорғаў ҳәм олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, санитариялық-эпидемиологиялық хызметтиң жуўмақлары ҳәм усыныслары тийкарында қабыл етилген.

Министрлик ата-аналардан перзентлериниң саламатлығына айрықша итибар қаратыў, күнниң ең ыссы ўақытларында олардың ашық ҳаўада узақ ўақыт болыўына жол қоймаўды сорады, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги