Трамп ҳәм Зеленскийдиң сөйлесиўи НАТО саммитиниң ең әҳмийетли ўақыясына айланды

Американың “The National Interest” басылымы Украина президенти Владимир Зеленскийди Анкарадағы НАТО саммитиниң тийкарғы жеңимпазы деп атады. Мақалада АҚШ ҳәм Иран арасындағы кескинлесип баратырған келиспеўшилик фонында ең әҳмийетли сиясий нәтийжеге Киев ерискени атап өтилген.
– Саммиттиң ҳақыйқый жеңимпазы Украина жетекшиси Зеленский болды, десек қәтелеспеймиз, себеби ол Трампты Украинаға “Патриот” ҳаўа қорғаныў системаларын ислеп шығарыў ушын лицензиялаў ҳуқықын бериўге көндирди, – дейди мақалада.
Бир күн алдын рәсмий мәресимлерден “изоляцияланған” деп болжанған Зеленский Аўқам басшылары менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди ҳәм Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған ҳәм НАТО бас хаткери Марк Рутте менен жумысшы кешки аўқатланыўда қатнасты.
Басылымның жазыўынша, Трамптың қарары Вашингтонның Европа аўқамласлары менен даўам етип атырған келиспеўшиликлерге қарамастан, Украина қорғаныўын қоллап-қуўатлаўға болған тереңирек садықлығын көрсетеди.
Мақалада НАТО саммитиниң тийкарғы сиясий нәтийжеси АҚШтың Жақын Шығыстағы ҳәрекетлери емес, ал Украинаға қоллап-қуўатлаўдың күшейиўи болғаны ҳаққында жуўмақ шығарылған.
Және бир нәтийже НАТО мәмлекетлери усы жылы қурал-жарақ жеткерип бериў, Киевти қоллап-қуўатлаўдың басқа да түрлери ушын шама менен 70 миллиард евро ажыратыўға келисип алғаны, делинеди хабарларда. Сондай-ақ, мәжилисте биргеликтеги қурал ислеп шығарыў бағдарламасын кеңейтиў де көрип шығылған.

“Reuters” хабарына бола, ГФР канцлери Фридрих Мерс Берлин Украина ушын Америка ислеп шығарыўшыларынан қосымша “Patriot” системаларын сатып алыўды қаржыландырыўға таяр екенин тастыйықлаған.
Және бир абырайлы басылым – “Financial Times” да Трамптың НАТО саммитинде Украинаға мүнәсибетин күтилмегенде өзгерткенине итибар қаратты.
АҚШ президенти Дональд Трамп Анкарада болып өткен НАТО саммити даўамында күтилмегенде Украинаға салыстырғанда және де унамлы позицияны ийеледи ҳәм бул Европа аўқамласлары арасында абайлылық пенен оптимизмди оятып жиберди, деп жазды “Financial Times” газетасы.
Басылымның атап өтиўинше, Трамп тек ғана Украина президенти Зеленский менен жыллы сөйлесиўлер өткерген емес, ал Киевке Американың “Патриот” ҳаўа қорғаныў системаларын ислеп шығарыў ушын лицензия бериўге таяр екенин де жәриялаған. НАТО бул Вашингтонның Россияға салыстырғанда қаталырақ қатнас жасайтуғынын көрсетиўи мүмкин деп есаплайды.
Трамп бир қатар Европа аўқамласларын сынға алған болса да, саммит қатнасыўшыларының сөзлерине бола, жабық есиклер артында ол Киевке жәрдем бериўди даўам еттириўди қоллап-қуўатлаған. Сондай-ақ, ол Россия президенти Владимир Путин менен сөйлесиў ниетинде екенин ҳәм Москваның келиспеўшиликти сапластырыў шәртлери өзгерип атырғанына исенетуғынын айтқан.
С.Раҳимов, ӨзА