Ярым финалда Франция-Испания,  Аргентина-Англия ушырасады

22

Өткен шемби ҳәм екшемби күнлери футбол бойынша өткерилип атырған жәҳән чемпионатында шерек финалдың және үш ойыны болып өтти.

Олардың дәслепкисинде чемпионлыққа тийкарғы даўагерлердиң бири Испания Бельгия 2:1 есабында жеңген болса, 1/16 ҳәм 1/8 финалда Кот-дивуар, Бразилия сыяқлы командаларды турнирден шығарып жиберген Норвегия футбол Ўатаны ўәкиллери Англияға қосымша таймларда 1:2 есабында жеңилип қалды.

Ал, жәҳән чемпионатының рекордшысы Месси жетекшилигиндеги Аргентина болса, бул басқышта да әдеўир қыйыншылыққа ушырап, Швейцарияны қосымша таймларда 3:1 есабында жеңип шығыўға еристи.

Лионель Месси бул ойында да голлы пас жеткерип, бул бағдарда да жәҳән рекордын жаңалады.

Енди 15-июль күни чемпионаттың ярым финалында Франция Испания менен,  16-июль күни Аргентина Англия менен финал жолламасы ушын өз-ара күш сынасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы