Райондағы және бир әҳмийетли жол оңланады

Мойнақ районындағы 95V124 «Шағырлы-Порлытаў» автомобиль жолының 15-24 километри аралығында (9 км. аралық) қара қапламалы асфальт төсеў жумыслары басланыў алдында. Ҳәзирги ўақытта бул ушын зәрүр таярлық жумыслары баслап жиберилген.

Бул жолға дерлик 40 жыл даўамында жетерли итибар қаратылмаған. Уақыттың өтиўи менен жолдың қатнаў бөлеги жарамсыз жағдайға келип, ойлы-бәлент жерлери көбейип, ҳәрекетлениў қыйынласқан еди.

Бүгинги күнде Президентимиздиң арнаўлы қарарлары тийкарында жолды оңлаў ҳәм асфальтлаў жумыслары жолға қойылмақта.

Жақын күнлерде усы аймақ турғынлары ҳәм жолаўшылар ушын, қәўипсиз, қолайлы ҳәм заманагөй жол шараяты жаратылады. Бул жумыслар тек ғана жол инфраструктурасын жақсылап қоймастан, ал аймақ халқының турмыс абаданлығын арттырыўға да хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги