“Ташкент – Бекабад” жөнелисинде электропоезд қатнаўы жолға қойылды

97

Президент Шавкат Мирзиёев электропоездда Ташкенттен Бекабад қаласына келди.

Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 27-декабрьде қабыл етилген “2030-жылға шекем темир жол транспортында жергиликли жөнелислерде жолаўшы тасыў көрсеткишлерин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында аймақларда транспорт инфраструктурасы жаңаланып, жергиликли қатнаўлар кеңейтилмекте. Нәтийжеде халық ушын қолайлы ҳәм сапалы транспорт хызметлери жолға қойылмақта.

Бекабад вокзалында Президентимиз пайтахт ҳәм усы қаланы байланыстырыўшы жөнелисте әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.

192 километрлик “Ташкент – Бекабад” темир жол қатнаўы күнине дерлик мың, жылына болса 300 мың жолаўшыға хызмет көрсетиўи режелестирилген. Енди онда алты вагоннан ибарат, 586 жолаўшыға мөлшерленген электропоезд саатына 120 километрге шекемги тезликте ҳәрекетленеди. Бул, әсиресе, ҳәр күни жумыс ҳәм оқыўға қатнайтуғын пуқаралар ушын қосымша қолайлық жаратады.

Электропоездда жолаўшылар ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, майыплығы болған шахслар ушын арнаўлы көтергишлер орнатылған. Вагонлар кондиционер ҳәм ысытыў системалары, жумсақ орынлықлар, USB қуўатлаў ноқатлары ҳәм Wi-Fi тармағы менен үскенеленген. Сондай-ақ, видеобақлаў системалары, электрон мәлимлеме таблолары ҳәм велосипедлер ушын арнаўлы орынлар бар.

Тез жүрер электропоездтың қатнаўға қойылыўы автомобиль жолларындағы транспорт жүгин азайтыў ҳәм экологиялық таза транспорт үлесин арттырыўға хызмет етеди.

Президентимиз темир жол инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў, жолаўшылар ушын шараятларды жақсылаў, тармақларды электрлестириў ҳәм темир жолларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы вокзал инфраструктурасы, хызмет көрсетиўдиң сапасы ҳәм жолаўшылар ҳәрекетин нәтийжели шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

ӨзА