Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

63

10-июль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күни “Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының структурасы ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызамды додалаўдан басланды.

Соңғы жылларда профессионал мәмлекетлик басқарыў системасын жаратыў, мәмлекетлик хызметкерлердиң жумысының нәтийжелилигин тәмийинлеў, халықтың мәмлекетлик хызметке болған исенимин буннан былай да арттырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги негизинде Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги шөлкемлестирилди, Министрлер Кабинети жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанына өткерилди, сондай-ақ, мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасы жетилистирилди.

Усы мүнәсибет пенен нызамшылық ҳүжжетлериниң өз-ара муўапықлығын тәмийинлеў, мәмлекетлик пуқаралық хызмети, суд, прокуратура, ишки ислер ҳәм бажыхана уйымлары, Миллий гвардияда хызметти өтеў системасы менен тәртибин жетилистириў бойынша Өзбекстан Республикасының айырым нызамларына тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Соның ишинде, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги негизинде шөлкемлестирилген Басқарыў нәтийжелилиги агентлигиниң ҳуқықый статусы беккемленип, мәмлекетлик пуқаралық хызметине байланыслы ҳүжжетлерди мәжбүрий келисиў системасы енгизилмекте. Прокуратура, ишки ислер, Миллий гвардия хызметкерлери ҳәм судьялар Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына жумысқа өткенде олардың бурынғы хызмет орны бойынша кадрлар резервинде сақланып қалыўы кепилленбекте.

Сенаторлар додалаў процесинде бул нызам елимизде әмелге асырылып атырған ҳәкимшилик реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, мәмлекетлик пуқаралық хызметти өтеў тәртибин жетилистириўге және Миллий гвардия, суд, прокуратура, ишки ислер ҳәм бажыхана уйымларының жумысы ушын мүнәсип шараятлар жаратыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.

Буннан кейин “Жердиң келип шығыў атамалары ҳәм географиялық көрсеткишлер ҳаққындағы Лиссабон келисиминиң Женева актине (Женева, 2015-жыл 20-май) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Додалаў процесинде атап өтилгениндей, бул ҳүжжет Өзбекстан Республикасында интеллектуаллық мүлк объектлерин, атап айтқанда, географиялық көрсеткишлер ҳәм товарлар келип шыққан жер атамаларын халықаралық көлемде ҳуқықый қорғаў ушын жаңа имканиятлар жаратады. Бул болса миллий өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм оларды жәҳән базарына нәтийжели алып шығыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Нызам инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын және де жақсылаў, аймақлық брендлерди раўажландырыў, мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм халықаралық майдандағы унамлы имиджин беккемлеўге жәрдемлеседи.

Сенаторлардың пикиринше, нызамның қабыл етилиўи миллий интеллектуаллық мүлк объектлерин халықаралық дәрежеде қорғаў механизмлерин жетилистириўге, жергиликли ислеп шығарыўшылардың мәплерин қоллап-қуўатлаўға және Өзбекстанның жәҳән экономикалық мәканындағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етеди.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Сенаттың 17-жалпы мәжилисинде “Фармацевтика жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам да додаланды.

Нызамда жергиликли фармацевтика кәрханаларының өндирислик қуўатлылықларын арттырыў, тараўға технологиялар трансферин енгизиў, денсаўлықты сақлаў әмелиятында клеткалық технология тийкарында ислеп шығарылған биотехнология қуралларын қолланыўға қаратылған айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, медициналық буйымды ҳәм медициналық техниканы мәмлекетлик дизимнен өткериў процесинде жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыў мақсетинде “медициналық техника” ҳәм “медициналық буйым” категориялары орнына улыўмаластырылған ҳалда “медициналық үскене” түсиниги киргизилмекте.

Додалаў процесинде сенаторлар тәрепинен бул нызамда қайта көрип шығылыўы зәрүр болған айырым мәселелер бар екенлиги атап өтилди.

Усыларды есапқа алып, Сенаттың нызамды қайта көрип шығыў зәрүрлиги ҳаққындағы қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, Сенаттың жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў ҳаққындағы миллий баянат көрип шығылды.

Сенаторлар мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын беккемлеў, инвестициялық тартымлылығын арттырыў және мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин баҳалаўда үлкен әҳмийетке ийе болған тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме додалады.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги және Әдиллик министрлигиниң жуўапкерлери тәрепинен социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый тараўлардағы көрсеткишлер бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша толық мағлыўмат берилди.

2025-жылы мәмлекет ушын тийкарғы деп белгиленген 20 халықаралық рейтинг ҳәм индекслерден 14 инде Өзбекстанның көрсеткишлери жақсыланды, 4 инде жағдай өзгериссиз қалды, 2 инде нәтийжелер жәрияланбаған.

Бул нәтийжелер мәмлекетлик уйымлар, жәмийетшилик ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының муўапықластырылған бирге ислесиўи, анық индикаторлар тийкарында әмелге асырылған реформалардың нәтийжеси екени атап өтилди.

Соның ишинде, Турақлы раўажланыў мақсетлери индексинде Өзбекстан 19 текшеге көтерилип, 167 мәмлекет арасында 62-орынды ийеледи. Елимиз 2015-жылдан берли турақлы раўажланыў тараўында ең сезилерли раўажланыўға ерискен мәмлекетлер қатарынан орын алып, Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия регионында ең жоқары раўажланыў пәтин көрсетип атырған ел сыпатында тән алынды.

Электрон ҳүкиметти раўажландырыў рейтингинде Өзбекстан 193 мәмлекет арасында 63-орынды ийелеп, 6 текшеге көтерилди. Республикамыз электрон ҳүкимет тараўында раўажланыў бойынша “жоқары” топардан “жүдә жоқары” топарға көтерилген 17 мәмлекеттен бирине айланды.

Экономикалық еркинлик индексинде де 3 текшеге өсиў бақланды. Fitch Ratings ҳәм “S&P” агентликлери болса 2018-жылдан берли биринши мәрте өзиниң баҳасын “ВВ-“дан 1 басқыш жоқары – “ВВ” (турақлы күтилме) дәрежесинде тастыйықлады. Усы жылы болса Өзбекстанның суверен кредит рейтинги прогнозын “турақлы”дан “унамлы”ға жақсылады.

Бул унамлы өзгерислер мәмлекетимизге сырт ел инвестицияларын және де көбирек тартыў, халықаралық финанс базарларынан арзан ресурслар алыў және экономикалық турақлылықты тәмийинлеўде халықаралық шериклер ушын анық кепиллик болып хызмет ететуғыны атап өтилди.

Додалаў даўамында атап өтилгениндей, соңғы жылларда халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиўдиң миллий системасы жаратылған ҳәм усы тәризде парламентлик қадағалаў күшейтилген. Ҳәр жылы таярланатуғын миллий баянатта мәмлекетлик уйымлардың жумысы, әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги ҳәм нызамшылықты жетилистириў зәрүрлиги бойынша қалыс ҳәм аналитикалық мағлыўматлар усыныс етилмекте.

Соның менен бирге, Миллий баянат таллаўлары айырым рейтинг ҳәм индекслерде төменлеў жағдайларын да көрсетти. Атап айтқанда, айырым тараўлардағы коррупция жағдайлары, нызамларға әмел етиўдеги машқалалар, баспасөз еркинлигине байланыслы кемшиликлер мәмлекетимиздиң рейтинглердеги орнына унамсыз тәсир көрсетпекте.

Бул машқалаларды сапластырыў мақсетинде Олий Мажлис Сенаты тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди. Онда тараўлар бойынша анық усыныслар ислеп шығыў, жуўапкер уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик ҳәм парламентлик қадағалаўды күшейтиў, жуўапкершиликти арттырыў және рейтинг көрсеткишлерине унамсыз тәсир ететуғын индикаторлар бойынша жаңа реформаларды әмелге асырыўға қаратылған қосымша илажлар белгиленди.

Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде Басқарыў сервис компаниялары ҳәм турақ жай мүлк ийелери ширкетлери тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери көрип шығылды.

Додалаў процесинде атап өтилгениндей, парламентлик сораўда көтерилген мәселелер бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, басқарыў сервис компанияларын таңлаўда мүлк ийелериниң тиккелей қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жылдың 1-июль сәнесинен баслап Ташкент қаласында көп квартиралы турақ жайларда турақ жай мүлк ийелериниң улыўмалық жыйналысларының басламасы, өткериў ҳәм қарар қабыл етиў, шәртнамалар дүзиў, басқарыўшылар тәрепинен есабатлар усыныў процесслери тек ғана “Мениң үйим” мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылыўы жолға қойылған.

Сондай-ақ, бул тәртип 2027-жылдан баслап республиканың барлық аймақларында енгизиледи.

Буннан тысқары, “Мениң үйим” мәлимлеме системасының мобиль қосымшасы ҳәм веб-платформасы арқалы мүлк ийелерине коммуналлық төлемлерди бақлаў ҳәм әмелге асырыў, басқарыў компанияларының жумысын баҳалаў, мүрәжатлар жибериў ҳәм көп квартиралы турақ жайларға тутас аймақлардағы нызамбузыўшылықлар ҳаққында ўәкилликли уйымларға электрон тәризде хабар бериў имканиятлары да жаратылған.

Мәжилисте тараўда санлы трансформация процесслери де избе-из даўам етип атырғаны атап өтилди. Мәжбүрий төлемлердиң есабын жүргизиў, ҳәр бир көп квартиралы турақ жай ушын өз алдына банк есап бетлерин ашыў, тараўды санластырыў, мүлк ийелери ушын электрон хызметлерди кеңейтиў ҳәм басқарыў уйымларының электрон реестрин қәлиплестириў бойынша жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди.

Соның менен бирге, көп квартиралы турақ жайларды басқарыў уйымларының электрон реестри ҳәм “Турақ жай” миллий мәлимлеме уйымлараралық платформасы иске қосылып, турақ жайлардың техникалық жағдайы ҳаққындағы мағлыўматларды реал ўақыт режиминде жүргизип барыў ҳәм жаңалап барыў механизми жолға қойылған.

Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде тараўда шешилиўи керек болған бир қатар ўазыйпалар, соның ишинде, басқарыў сервис компанияларының жумысын рейтинг тийкарында баҳалаў, бәсеки орталығын күшейтиў ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин кеңнен енгизиў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Додалаў жуўмағында Сенаттың бул тараўды буннан былай да жетилистириўге қаратылған тийисли қарары қабыл етилди.

Парламенттиң жоқары палатасының ағзалары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў мәселесин де көрип шықты ҳәм Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 15 мәселе, соның ишинде, 12 нызам көрип шығылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети