Халықаралық билимлендириў стандартлары тийкарында кадрлар таярлаў бойынша жаӊа қатнаслар презентация етилди

Президент Шавкат Мирзиёев халықаралық билимлендириў стандартлары тийкарында орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, абырайлы сырт ел университетлери менен академиялық бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған усыныслардың презентациясы менен танысты.
Елимизде соңғы сегиз жылда жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў, жаслардың сапалы билим алыўы ушын имканиятларды кеңейтиў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылды.
Соның ишинде, жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 9 проценттен 44 процентке, студентлер саны болса 270 мыңнан 1,7 миллионға жетти. Усы жылдың өзинде 643 техникумның 100 инде Германия, Уллы Британия, Швейцария, Қытай ҳәм Корея сыяқлы мәмлекетлердиң алдынғы кәсиплик билимлендириў бағдарламалары енгизилмекте.
“Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты” миллий изертлеў университети ҳәм Өзбекстан Миллий университети абырайлы халықаралық рейтинглерде дүньяның ең жақсы мың жоқары билимлендириў мәкемелериниң қатарынан орын алды. Жоқары оқыў орынларындағы 157 билимлендириў бағдарламасы халықаралық аккредитациядан өткерилди.
Соның менен бирге, билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыў, миллий жоқары оқыў орынларының халықаралық бәсекиге шыдамлылығын күшейтиў ҳәм питкериўшилердиң глобаллық мийнет базарында мүнәсип орын ийелеўи ушын жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў зәрүрлиги атап өтилди.
2030-жылға шекем кеминде 5 жоқары оқыў орнын улыўма рейтинг бойынша, және 10 ын пән бағдарлары кесиминде дүньяның ең жақсы 500 университетиниң қатарына киргизиў мақсет етилген. Сондай-ақ, 100 жоқары оқыў орны бағдарламасын халықаралық аккредитациядан өткериў, кеминде 150 техникумда халықаралық билимлендириў бағдарламаларын енгизиў режелестирилген.

Жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилери ҳәм педагогларының кеминде 30 процентин шет тили, кәсип ҳәм қәнигелик бойынша халықаралық сертификатлар менен тәмийинлеў, техникумлардың 2,5 мың ҳәм жоқары оқыў орынларының 20 мың педагогларын сырт елде тәжирийбе арттырыўға жибериў ўазыйпалары белгиленген.
Презентацияда интеграцияласқан билимлендириў бағдарламаларын кеңнен енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Бүгинги күнде бир қатар жоқары оқыў орынларында сырт ел университетлери менен биргеликтеги бағдарламалар жолға қойылған. Бирақ олар тийкарынан еки жоқары оқыў орны арасында шөлкемлестирилип, студентлердиң билимлендириў бағдарын еркин таңлаў имканияты шекленген.
Халықаралық әмелиятта болса интеграцияласқан бағдарламалар студентке оқыў даўамында бир неше университетте билим алыў, ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң академиялық орталығы ҳәм билимлендириў стандартларынан пайдаланыў имканиятын береди.
Ташкент қаласындағы Инҳа университети ҳәм Ташкент архитектура-қурылыс университетинде бизнес басқарыў, архитектура ҳәм мәлимлеме технологиялары бағдарларында Уллы Британияның 10 нан аслам жоқары оқыў орны менен биргеликте усындай бағдарламалар енгизилген. Нәтийжеде 371 студент “1+3,” “2+2” ҳәм “3+1” модельлери тийкарында билим алып, Британия стандартларына сәйкес диплом алыў имканиятына ийе болмақта.
Бул система арқалы студентлердиң сырт елде оқыў ҳәм жасаў қәрежетлерин 10 есеге шекем қысқартыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Ҳәзирги күнде мыңлаған өзбекстанлы студентлер Уллы Британияда төрт жыллық билимлендириў бағдарламаларында билим алмақта. Олардың ҳәр бири ушын оқыў ҳәм жасаў қәрежетлери жылына 50 мың долларға шекем жетеди.
Усы мүнәсибет пенен Ташкент архитектура-қурылыс университети қурамында Интеграцияласқан бағдарламалар жоқары мектебин шөлкемлестириў усыныс етилди.

Жоқары мектепте билимлендириў процеси Уллы Британияның Нортумбрия ҳәм Хартфордшир университетлериниң бағдарламалары тийкарында жолға қойылады. Кейинги басқышта Сапиенца, Саутгемптон, Глазго сыяқлы дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларының академиялық талапларына бейимлестирилген билимлендириў бағдарламаларын енгизиў нәзерде тутылған.
Жоқары мектепке академиялық, финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик еркинлик бериледи. Мәмлекетлик уйымлар, бирге ислесиўши жоқары оқыў орынлары ҳәм ири компаниялардың ўәкиллеринен ибарат бақлаў кеңеси шөлкемлестириледи. Питкериўшилерге Өзбекстанда тән алынатуғын сырт елли бирге ислесиўши жоқары оқыў орны ҳәм жоқары мектеп дипломы бериледи.
Сондай-ақ, жоқары мектеп ҳәм бирге ислесиўши билимлендириў мәкемелеринде Британия стандартларына муўапық 8-дәрежеге шекемги билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, басшы кадрлар ушын стратегиялық пикирлеў, жетекшилик, санлы басқарыў, қарар қабыл етиў ҳәм нәтийжеге бағдарланған басқарыў бойынша қәнигелигин арттырыў курсларын шөлкемлестириў режелестирилген.
Презентацияда мектеп, академиялық лицей, техникум ҳәм жоқары билимлендириў арасындағы избе-изликти тәмийинлейтуғын “2+3”, “1+2”, “2+1”, “1+3”, “2+2”, “3+1” сыяқлы билимлендириў модельлери көрип шығылды.
Онда 9-класс питкериўшиси мектеп, академиялық лицей ямаса техникумда еки жыл билим алып, кейинги үш жылды жергиликли ямаса сырт елли бирге ислесиўши жоқары оқыў орнында даўам еттириўи мүмкин болады. Техникум питкериўшилери болса билимлендириўди қысқартылған бағдарлама тийкарында университетте даўам еттириў имканиятына ийе болады.
Интеграцияласқан бағдарламаларды медицина, энергетика, көркем өнер ҳәм аўыл хожалығы сыяқлы тийкарғы бағдарларға да кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Халықаралық қәнигеликлер ҳәм баҳалаў орайына интеграцияласқан бағдарламаларды абырайлы ТОП-100 жоқары оқыў орынларының академиялық талапларына бейимлестириў, олар менен “1+3” ҳәм “2+2” түриндеги бағдарламаларды ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди.

Орай жанында сырт елли экспертлерден ибарат турақлы жумысшы топар шөлкемлестирилип, жумысшы топар 2027-жылдың ақырына шекем жетекши сырт ел жоқары оқыў орынларының дипломын беретуғын кеминде еки билимлендириў бағдарламалары орайын шөлкемлестиреди.
“Эл-юрт умиди” қорының стипендия бағдарламасын да жаңа системаға бейимлестириў усыныс етилди. Енди бағдарлама Интеграцияласқан бағдарламалар жоқары мектеби ҳәм басқа да жергиликли жоқары оқыў орынларындағы интеграцияласқан билимлендириў бағдарларын да қамтып алады.
Сондай-ақ, дүньяның абырайлы университетлерине шәртли қабыл етилген жаслардың Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларында биринши курс ямаса “Foundation” бағдарламасында оқыў қәрежетлерин қаплап бериў механизми енгизиледи. Бул жасларға билимлендириўди елимизде баслап, кейин ала сырт елде даўам еттириў имканиятын береди.
Презентацияда жетекши сырт ел жоқары оқыў орынлары жайласатуғын Ташкент халықаралық университетлер қалашасын шөлкемлестириў усынысы додаланды.
Онда Қатардағы “Education City”, Бирлескен Араб Әмирликлериндеги Дубай халықаралық академиялық қаласы ҳәм Корея Республикасындағы Инчхон глобаллық кампусының тәжирийбесинен пайдаланыў усыныс етилди.
Университетлер қалашасында абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларының филиалларын тартыў, кампуслар ҳәм студентлер турақ жайларын қурыў, лицензия талапларын әпиўайыластырыў, грант ҳәм стипендиялар ажыратыў, бажыхана ҳәм салық жеңилликлерин қолланыў, сондай-ақ, роялти төлемлериниң бир бөлегин қаплап бериў бойынша усыныслар ислеп шығыў тапсырылды.
Тийкарғы мақсет Өзбекстанды халықаралық билимлендириў бағдарламалары ҳәм стандартлары кеңнен енгизилген, региондағы жетекши билимлендириў орайына айландырыў екени атап өтилди.
Президентимиз усынысларды мақуллап, интеграцияласқан билимлендириў бағдарламаларын басқышпа-басқыш кеңейтиў, олардың сапасын халықаралық талапларға муўапық тәмийинлеў, абырайлы сырт ел университетлери менен узақ мүддетли академиялық бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
ӨзА