Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлер менен ушырасты

109

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти.

Онда мебель ислеп шығарыўшы ҳәм өнерментшилик пенен шуғылланыўшы исбилерменлердиң пикир-усыныслары ҳәм басламалары тыңланды.

Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды ҳәм имканиятларды жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў орынлы, Онда Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы илажлардың көлемин жаңа басқышқа көтермекте.

Өткерилген ушырасыўда айырым себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди.

Жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай баслама барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша тилге алынды.

Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланып, көтерилген мәселелердиң басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги