Нураныйлардың өтмиш тәжирийбеси жаслар ушын сабақ

Нөкис қаласында жайласқан «Ақ қус» комплексинде өтмиш, бүгин ҳәм келешек әўладларды өзинде жәмлеген Үш әўладтың өз-ара дийдарласып, ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыўда узақ жыллар даўамында халық хожалығының түрли тараўларында жемисли мийнет еткен кекселер, ветеранлар, бүгинги күндеги мийнет алдынғылары ҳәм жаслар қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, шығып сөйлеп, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлесин қосып атырған бир топар ветеранлар ҳәм түрли тараў ўәкиллериниң үлгили ислерин айрықша тилге алды.

Өткерилген бул үш әўлад ушырасыўында жасы үлкен әўлад ўәкиллери жаслар менен өз-ара пикир алысып, жаслық күш-ғайратын қайта сезингендей болды десек алжаспаған боламыз.
Ал, жаслар болса өзинен алдынғы әўлад ўәкиллериниң ақыл-нәсиятларынан үлкен тәсирлер алды.

Әлбетте, нураныйлардың басып өткен өмир жолы, ерискен нәтийжелери ҳәм топлаған турмыслық тәжирийбеси бүгинги жас әўлад ушын ҳақыйқый турмыс мектеби болып, оларды жоқары табысларға руўхландырады.
Ушырасыў даўамында елимиз раўажланыўына салмақлы үлес қосқан бир қатар ветеранларға «Меҳнат фахрийси» көкирек белгилери ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды.

Илаж көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Өткерилген ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Турсынхан Худайбергенов, Өзбекстан Нураныйлар қоры басқарма баслығы Содиқжон Турдиев, Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қорының баслығы Турсынбай Абдижаббаров қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги