Президент Шавкат Мирзиёев Қатар Әмирине кеўил билдирди

45

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар мәмлекетиниң әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийге оның әкеси, Қатар Мәмлекетиниң бурынғы әмири Шайх Ҳамад бин Халифа Ол Сонийдиң қайтыс болғаны мүнәсибети менен кеўил билдирди.

Кеўил билдириў хатында Шайх Ҳамад бин Халифа Ол Соний узақ жыллар Қатар Мәмлекетиниң социаллық-экономикалық раўажланыўы, үлкен дөретиўшилик жумысларды әмелге асырыў, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм абаданлығын арттырыў, мәмлекетти ҳәр тәреплеме раўажландырыўға шексиз үлес қосқаны, өз Ўатанының ҳақыйқый пидайы ҳәм уллы перзенти болғаны атап өтиледи.

“Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы дослық байланыслар ҳәм бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўге мүнәсип үлес қосқан Шайх Ҳамад Ол Соний Уллы Ҳәзиретлериниң жарқын естелиги ҳәм өшпес аты кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады”, делинеди хатта.

Мәмлекетимиз басшысы Қатар Әмирине, оның шаңарақ ағзаларына ҳәм барлық жақынларына, пүткил Қатар халқына терең қайғырыў менен кеўил билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги