Салим бин Муҳаммад ал-Маликти Өзбекстан Республикасының “Дўстлик” ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

128

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

 Өзбекстан Республикасы ҳәм Ислам дүньясы билимлендириў, илим ҳәм мәденият шөлкеми – ICESCO арасында өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў бағдарындағы үлкен хызметлери, халқымыздың әййемги тарийхы, бай мәдений мийрасы, уллы ойшыл ҳәм уламаларымыздың ислам цивилизациясы ҳәм дүнья илиминиң раўажланыўына қосқан бийбаҳа үлесин үгит-нәсиятлаўға қаратылған Жаңа Өзбекстан басламаларын халықаралық көлемде белсене қоллап-қуўатлап киятырғаны, дүньяда дослық, аўызбиршилик ҳәм исеним принциплерин енгизиў, мәдениятлараралық қарым-қатнасты күшейтиў, жас әўладты жақсылық, кеңпейиллик ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумысы ушын Ислам дүньясы билимлендириў, илим ҳәм мәденият шөлкеминиң Бас директоры Салим бин Муҳаммад ал-Малик Өзбекстан Республикасының Дўстликордени менен сыйлықлансын.

 Өзбекстан Республикасы Президенти 

Ш.Мирзиёев