Жаңа жумыс орынлары жаратылып, халықтың дәраматы артпақта

Соңғы жыллары елимизде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың исбилерменлик пенен шуғылланыўына кең имканиятлар жаратып бериў, аймақларда жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.
Алып барылған усындай кең көлемли илажлар нәтийжесинде, республикамызда да бир қатар жумыслар жүргизилип, аймақларда халықтың турақлы жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленбекте.

Бунда “Бизнесни раўажландырыў банки” АКБ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы хызметкерлери де өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып келмекте.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 5-февральдағы “2026-жылы аймақларды жаңаша көзқараслар тийкарында раўажландырыў арқалы халықтың дәраматын арттырыў, турақлы жумыс орынларын жаратыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, Бизнести раўажландырыў банкине бириктирилген 34 мәҳәлледе 2026-жыл даўамында 520 турақлы жумыс орынларын жаратыў ҳәм 2600 ден аслам халықтың дәраматын арттырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген, – дейди Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы хызметкери Зульфия Чимбаева. – Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 528 турақлы жумыс орны жаратылып, 3500 аслам халықтың дәраматы арттырылды.


Әлбетте, бул көрсеткишлер өз-өзинен болмады. Буның ушын аймақларда «Мәҳәлле банкири» ҳәм «Жәрдемши-агент»лер қаржылық саўатлылығын ҳәм маманлығын арттырыў мақсетинде семинарлар шөлкемлестирилип, оқыў жумыслары басқарманың Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў бөлими баслығы Қуўаныш Турсунов тәрепинен әмелге асырылды.

Ҳәзирги күнлери бул жумыслар республикамыз аймағы бойлап еле даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы